6.3.png

COVID-19 ға қарсы вакцинация ҳаққында сәўбетти неден баслаў керек?

Айырым ўақытлар адамлар менен сәўбетти баслаў қыйын болыўы мүмкин. Сәўбетлесиўди олардың неден қәўетерде ҳәм қандай сораўлары бар екенлигинен билиўден баслаған пайдалы болады. Олардың сораўларына жуўап бериўге ҳәрекет етиң. Сѳйлесиўди басламастан алдын тѳмендеги сораўлардан пайдаланыўға болады:

  • COVID-19 ға қарсы вакциналар ҳаққында нелерди билесиз?
  • COVID-19 ға қарсы вакциналар ҳаққында сизде гүман барма? Егер бар болса, не нәрселер сизди қәўетерге салады?
  • COVID-19 ға қарсы вакциналар ҳаққында қандай мағлыўматларды алғыңыз келеди?

Тийисли мағлыўматларды, мысалы, бар болған вакциналардың түрлери, олардың абзаллықлары ҳәм вакцинациядан соң күтилмегенде кери тәсирлер пайда болғанда не ислеў кереклиги ҳаққында мағлыўматларды жеткерип бериң.

Aldıng’ı