2.1.png

Не себеп ҳәмиледар ҳаяллар COVID-19 ға қарсы вакцина алыўы зәрүр?

Балаға күтим қылыў ананың ең әҳмийетли мәселеси саналады. Бирақ балаға күтим қылыўы ушын биринши гезекте ананың ѳзи саламат болыўы тийис. Ҳәмиледарлық дәўиринде иммунитеттиң тѳменлеўи себепли, ҳәмиледар ҳаяллар коронавирус инфекциясына шатылыўға бейимирек болады. Вакцина алыўы нәтийжесинде, ҳаял тек ғана ѳзинде кешиўи мүмкин болған кеселликтиң аўыр ақыбетлеринен сақланып қоймастан, ѳзиниң дүньяға келтирмекши болған перзентин де қорғай алады.

  • Әйне ҳәмиледар ҳаяллар коронавирус инфекциясының аўыр ақыбетлерине шатылыўы қәўипи болған адамлар топарына киреди. Кѳпшилик жағдайларда, 35 ҳәм оннан жоқары жастағы, артықша салмаққа ийе, қантлы диабет, гипертония яки усыған уқсас басқа да кеселликлери бар ҳәмиледарларда COVID-19 кеселлиги аўыр асқыныўлар менен кешиўи мүмкин.
  • Аналардың ҳәмиледарлық дәўиринде COVID-19 бенен кеселлениўи жаңа туўылған нәрестелерди емлеўге болған талапты асырады, бул мүддетинен ерте туўыў жағдайларына алып келиўи мүмкин.
  • Коронавирус инфекциясы нәтийжесинде келип шығатуғын асқыныўлар (ақыбетлер), ана ҳәм баланың саламатлығын сақлаў ушын кеселликлерге қарсы емлеўге байланыслы болған қәўиплерден бираз жоқары турады

Ҳәмиледар ҳаялларды вакцина менен емлеў имканияты ҳәм олардың ҳәмиледарлық дәўиринде COVID-19 вирусын жуқтырыў қәўипи бар екенлигин инабатқа алып, оларға ҳәм туўысқанларына вакцинацияның қәўипсиз ҳәм нәтийжели екенлиги ҳаққында мағлыўмат берилиўи зәрүр.

Keyingi