9.3.png

COVID-19 пандемиясы дәўиринде режедеги иммунизацияны ѳткериў хызметлери

Мүмкиншилиги болғанынша, Ѳзбекстан Республикасы ден саўлықты сақлаў министрлиги ҳәм СЭСтиң буйрық ҳәм кѳрсетпе хатларына әмел еткен ҳалда режедеги иммунизацияны ѳткериў хызметлерин кѳрсетиўди даўам еттириң. Ден саўлықты сақлаў хызметлери биринши гезекте медицина хызметкерлериниң саламатлығын тәмийинлеўге жуўапкер есапланады. Медицина мәкемелеринде наўқаслар менен болатуғын барлық қарым-қатнаслар медицина хызметкерлери, күтим кѳрсетиўшилер ҳәм наўқасларды инфекциядан қорғаў тәмийинленген жағдайларда әмелге асырылыўы зәрүр.

Иммунизация илажлары ўақтында ифекцияның жуғыўын кемейтиў мақсетинде арнаўлы қорғаўшы кийимлерди (маска, қолғап, халат ҳ.т.б.) кийиў сыяқлы COVID-19 вирусынан сақлаўға қаратылған шараларды қолланың, сондай-ақ, ҳәр бир контактен соң қолларды сабынлап суў менен жуўыў ҳәм бир мәртелик сүлгилерден пайдаланыўды жолға қойың.

Aldıng’ı