1.3.png

Не себеп COVID-19 бенен кеселленгеннен соң пайда болған иммунитетке салыстырғанда вакцина жәрдеминде пайда болған иммунитет қәўипсизирек есапланады?

Вакцинация кеселликтиң алдын алыўдағы ең нәтийжели усыл болып есапланады. COVID-19 вирусын жуқтырып кеселленгеннен соң да иммунитет пайда етиўге болады. Бирақ, бул вирус жуққаннан соң аўыр кеселликке шатылыў ҳәм ѳлим қәўипи болады. Кѳпшилик адамлар COVID-19 кеселлигинен соң узақ мүддетли кери тәсирлерден азап шегеди. Сондай-ақ, COVID-19 штаммлары жүдә жуқпалы болып, шаңарағыңыз яки жәмийеттиң әззи ағзаларына қәўип туўдырады.

Вакцинация илажы COVID-19 бенен кеселленбестен ҳәм басқаларға жуқтырмаған ҳалда қәўипсиз түрде иммун системасын беккемлейди. COVID-19 инфекциясына қарсы иммунитет қанша ўақыт сақланып қалыўы мәлим емес ҳәм адамлардың COVID-19 инфекциясы менен тәкирар кеселлениўи жағдайлары да ушырасқан. Барлық адамларды, ҳәттеки алдын COVID-19 инфекциясы менен кеселленгенлерди де вакцина алыўына шақырың.

Бирақ, COVID-19 вирусына қарсы вакцинация нәтийжесинде жеңил түрдеги кери тәсирлер болыўы мүмкин ҳәм бул COVID-19 инфекциясы менен кеселленгенликти билдирмейди. Вакциналарда тири вируслардан пайдаланылмайды. Вакцина алғаннан соң пайда болатуғын жеңил түрдеги температураның кѳтерилиўи, инъекция орнындағы аўырыў ҳәм ҳәлсизлик белгилери бул организмниң вакцинаға нормал реакциясы болып, олар 2-3 күннен соң ѳтип кетеди. Егер вакцина алғаннан соң сизди қандай да бир симптомлар тынышсызландырса, поликлиникадағы емлеўши шыпакериңизге мүрәжат етиң.

Aldıng’ı