1.1.png

COVID-19 ға қарсы қандай вакциналар бар ҳәм олар қалай тәсир етеди?

Организмимизге вирус түскенде, иммун системамыз оған қарсы гүресиў ушын антиденелерди ислеп шығара баслайды. Бул антиденелер организмимизде қалып кетеди ҳәм егер келешекте усындай вирусқа қайта дус келсек, иммун системамыз оны қалай жоқ қылыў кереклигин биледи.

Бирақ вирус түсип кеселленгеннен кейинги саўалыў бул иммунитет пайда болыўының жалғыз усылы емес.

Вакциналар кеселликлерди келтирип шығармаған ҳалда организмимизге вирустың қандай екенлигин кѳрсетип береди. Олар бизиң иммун системамызды шынықтырып, COVID-19 сыяқлы вируслардан қорғайды. Демек, вакцина пандемияны тоқтатыўда жүдә әҳмийетли қурал есапланады.

COVID-19 ға қарсы вакцина түрлери

COVID-19 ға қарсы вакцинаның бир неше түрлери бар болып, олардың қәўипсизлиги ҳәм COVID-19 ға қарсы нәтийжелилиги пуқта тексериўлерден ѳткерилген. Вакциналарда мРНК (Pfizer ҳәм Moderna), векторлар (AstraZeneca ҳәм J&J) яки белоклардан пайдаланылады. Векторлы вакциналар тек бир дозадан ибарат болады, ал мРНК-вакциналар еки яки үш дозаны талап етеди. Сондай-ақ, COVID-19 вирусынан қорғаўдың нәтийжелилигин асырыў ушын вакцинациядан 4-6 ай ѳтип бустер дозаларын қолланыў зәрүр.

Вакцинаның биринши дозасы организмниң вирусты танып алыўына, ал екинши дозасы оған қарсы қалай гүресиў кереклигине жәрдем береди.

Адамлардың белгили бир топарында (халықтың 70%инде) иммунитет қәлиплескен ўақытта, вирустың тарқалыўына тосқынлықлар пайда болып баслайды. Нәтийжеде, пүткил бир жәмийет, соннан вакцина алмаған ҳәм оны алыў мүмкиншилиги жоқ болған адамлар да қорғаў астында болады. Бул коллективлик иммунитет деп аталады.

Keyingi