Бустер дозасы ушын қандай вакцинадан пайдаланады?
Алдын қандай вакцина алыўына қарамастан, Moderna ҳәм Pfizer-BioNTech, сондай-ақ ZF-UZ-VAC2001 сыяқлы м-РНК-вакциналарын пайдаланыў мақулырақ саналады.
Егер бустер дозасы ушын м-РНК-вакциналары болмаған жағдайда, пайдаланыў ушын тастыйықланған қәлеген түрдеги вакцинаны қолланыў усыныс етиледи.
COVID-19 ға қарсы вакцинаның бустер дозасын қашан алыўға болады?
Егер вакцинаның биринши ҳәм екинши дозалары бир айлық интервал менен алынған болса, бустер дозасын биринши дозадан 6 ай ѳтип алса болады .
Егер дозалар арасындағы интервал бир айдан артық болса, бустер дозасын соңғы алынған дозадан 4 ай ѳтип алса болады.