Егер анада COVID-19 симптомлары бар болса, кѳкирек сүти менен азықландырыўды даўам етиўи тийиспе?
Ҳәзирги ўақыттағы мағлыўматларға кѳре, COVID-19 балаға кѳкирек сүти арқалы жуқпайды. Кѳкирек сүти менен азықландырыўдың жаңа туўылған нәрестелер, емизиўли ҳәм киши жастағы балалар арасындағы ѳлимшилик жағдайын кемейтиўи ҳәм баланың саламатлығына, келешектеги ѳмири даўамында жақсы раўажланыўына унамлы тәсир кѳрсетиўи ҳаққында айқын дәлиллер бар.