3.2.png

Кѳкирек сүти менен азықландырыў дәўиринде COVID-19 кеселлигине гүман қылынған яки диагнозы тастыйықланған ҳаяллар ушын гигиена қағыйдалары

Баланы емизиў ўақтында ана балаға COVID-19 кеселлигин келтирип шығаратуғын бѳлекшелердиң ѳтиў қәўипинниң алдын алыў ушын зәрүрли гигиена қағыйдаларына әмел етиўи:

  • Ҳәрдайым баланы емизиўден алдын қолларын 20 секунд даўамында сабынлап жуўыў, яки қурамында 60%тен кем болмаған муғдарда спирт бар болған антисептик пенен тазалаў;
  • Емизиў пайытында маска тағыў ҳәм баладан кеминде 2 метр қашықлықта болыў;
  • Масканы тәкирар пайдаланбаў, масканың алдынғы тәрепине қол тийгизбестен, арқадағы резинкадан услап шешиў;
  • Егер ана емизиўге таярланыў пайытында кѳкирек безин яки кѳкирек әтирапын жѳтелиў яки түшкириў арқалы патаслаған болса, кѳкирек безин жыллы суўда сабынлап 20 секунд яки оннан кѳбирек ўақыт даўамында ықтыятлық пенен жуўыўы зәрүр. Баланы емизиўден яки кѳкирек сүтин саўып алыўдан алдын ҳәрдайым кѳкирек безин жуўыў талап етилмейди.

COVID-19 кеселлигине гүман қылынған яки диагнозы тастыйықланған ҳаял баласын саўып алынған кѳкирек сүти менен азықландырмақшы болса, тѳмендегилерге әмел етиўи зәрүр:

  • Кѳкирек сүтин саўып алмастан алдын қолларын сабынлап жуўыў ҳәм маска тағыў;
  • Кѳкирек сүти саўып алынғаннан соң ҳәрдайым сүтти саўып алыўшы қурылманың барлық жерин пуқталық пенен жуўып таслаў;
  • Саўып алынған кѳкирек сүти менен азықландырыў саламат адам тәрепинен әмелге асырылғаны мақулырақ. Ол COVID-19 кеселлигине қарсы вакцина алған ҳәм бул кеселликтиң аўыр түрине шатылыў қәўипи жоқары болған адамлар топарында болмаўы шәрт;
  • Егер бала COVID-19 кеселлиги диагнозы тастыйықланған ана менен бир үйде жасаған жағдайда балаға вирус жуғыў итималлығы бар екенлигин бәрқулла ядта тутыў зәрүр.
Aldıng’ı