Стресс дегенимиз не?

Профессионал искерлик стрессиз болмайтуғынлығын айтып ѳтиўимиз зәрүр. Жумыста ҳәм күнделикли турмыста бизлер ҳәр қыйлы стресс жағдайларға дус келемиз.

Айырым ўақытларды күйгелеклик ҳәм қызбалық ден саўлығымызға жаман тәсир кѳрсетиўи мүмкин. Стресс себебли келип шығатуғын кеселликлер қәўпиниң тийкарғы факторлары:

  1. кеселликтиң узақ даўам етиўи ҳәм/яки узақ ўақыт даўамында ҳәр қыйлы дәрилик препаратларды қабыллаў;
  2. надурыс турмыс тәризи, күн тәртибин надурыс шѳлкемлестириў, яғный жумыс ислеў ҳәм дем алыўдың турақлы болмаўы, уйқысызлық, ҳәдден тыс кѳп физикалық күш түсиў, ўақтында аўқатланбаў;
  3. жумыс ислеў орнын надурыс шѳлкемлестириў: жақтылықтың жетиспеўи, шаўқым, қараңғы ҳәм ҳаўа айланысы бузылған бѳлмеде узақ ўақыт бир қәлипте отырыў.

Педагогика ең стрессли жумыслардың бири есапланады, сонлықтан мийнет нызамшылығында муғаллимлер ушын узақ мүддетли дем алыс ҳәм мәжбүрий медициналық кѳриктен ѳтиў белгилеп қойылған.

Aldıng’ı Keyingi