Ҳәр қыйлы жастағы балалар менен ислесиўде педагогларға усыныслар

Жас ѳспиримлик дәўир контрастларға ҳәм қарама-қарсылықларға толы болады. Мектеп бағдарламасындағы ҳәр қыйлы мәселелерди шешиўге ҳәм басқада жумысларға қамтылған жас ѳспиримлердиң интеллектуаллық жақтан раўажланыўы, ересеклердиң олар менен биргеликте әҳмийетли машқалалар үстинде ойласыўs жағдайларына алып келеди, бирақ кѳпшилик жағдайларда жас ѳспиримлер ѳз бетинше шешим қабыл етиўди мақул кѳреди.

Екинши тәрептен, инфантилизм (балалық минез-қулықтың сақланып қалыўы) бақланады, әсиресе келешекте жумысқа орналасыў, ѳзин тутыў әдеби ҳәм ислеген ислерине жуўапкершилик сыяқлы мәселелерди талықлағанда.

5-6 класс оқыўшылары үлкен итималлық пенен дыққатын ѳзлериниң класстағы жағдайына жәмлейди. 6-класстан баслап оқыўшылар ѳзлериниң сыртқы кѳринисине, ѳзиниң жынысынан басқа жыныста болғана оқыўшыларға ҳәм олар менен қарым-қатнас ислеўге итибар қаратып баслайды.

7-класс класс оқыўшылары ѳзлериниң уқыбын раўажландырыўға айрықша қызығыўшылық билдиреди.

8-класс класс оқыўшылары бийғәрезлик, оригиналлық, дослық ҳәм жолдаслық пенен байланыслы болған адамның жеке қәсийетлерин қәдирлейди.

Усы атап ѳтилген қызығыўшылықлары тийкарында, жас ѳспиримлер ѳзлериниң жигерин ҳәм басқада пайдалы қәсийетлерин раўажландырып барады. Орта билим бериў мектеплеринде жас ѳспиримлер кѳплеген пән муғаллимлери менен қарым-қатнас орнатып баслайды. Оларда ересеклердиң шахсын ҳәм жумыс ислеў қәбилетин баҳалаўдың жаңа критериялары қәлиплесип баслайды. Жас ѳспиримлер әдетте кѳп нәрседен хабары бар, талапшаң, ҳақ нийетли, оқыўшыларды айырмайтуғын, сабақты қызықлы ҳәм түсиникли қылып ѳтетуғын муғаллимлерди унатады ҳәм ҳүрмет қылады. Сондай-ақ, олар муғаллим менен ортасындағы қарым-қатнасқа да үлкен итибар қаратыды.

Айырым ўақытлары «қыйын минезли бала» термини мектеплерде жас ѳспиримлерге қарата ислетиледи. Алып барылған бақлаўлар нәтийжесине кѳре, бундай балалардың тәрбиясында унамсыз ѳзгерислер болады ҳәм бул олардың оқыўға деген қызығыўшылығын тѳменлетеди.

Сол себепли, бул дәўириде педагоглар оқытыў ҳәм тәрбия бериў процессинде балалардың қызығыўшылығын есапқа алыўы, «қыйын минезли» оқыўшыларды оқытқанда қызықлы ҳәм нәтийжели усыллардан пайдаланыўы зәрүр. Олар менен сабақлардан кейин бос ўақытларын бирге ѳткерип, ҳәр қыйлы дѳгереклер ҳәм спорт секцияларына тартқан ҳалда, оларға унамлы тәсир кѳрсетиўге болады.

Назад Далее