АИВ жуқтырған наўқасларды стигматизация қылыўды қалай тоқтатыўға болады?

Кѳпшилик наўқаслар АИВ жуқтырғанлығынан уялып жүреди. Олар ѳзиндеги диагнозды дослары, қоңсылары, ҳәттеки туўысқанлары билиўин қәлемейди. Ѳзиндеги қыйыншылықты ҳәм эмоцияларын айтыўға, жәрдем сораўға қорқады. Адамлар олардан ѳзлерин алып қашады, оларды айыплайды, қаралайды ҳәм олардан қорқады – буның бәри стигматизация себебинен болады. Бундай жағдай, әйне адам бәринен кѳбирек күтим, қоллап-қуўатлаў ҳәм мухаббатқа зәрүр пайтында жүзеге келеди.

Стигматизация ҳәм кемситилиў ғалабалық профилактика, АИВ наўқасларын емлеў, оларға күтим кѳрсетиў ҳәм қоллап қуўатлаў бойынша илажларға тосқынлық жаратады.

Стигматизация и кемситилиўдиң алдын алыў ушын тѳмендегилер зәрүр:

  • АИВ ҳәм басқада кеселликлерге байланыслы стигматизация и кемситилиў ҳаққында халықтың билимлерин асырыў;
  • Жәмийетшилик ўәкиллери қатнасында стигма и кемситилиўди кемейтиў ҳаққында темаларда семинарлар ѳткериў;
  • Инсан ҳуқықларын қорғаўға қаратылған нызамлардың қабыл етилиўине үлес қосыў;
  • Кемситилиў жағдайлары ҳаққында хабар бериў бойынша қызығыўшылық билдирген адамларға мағлыўматлар алыўда жәрдем бериў мақсетинде бийпул «ыссы линия» телефон хызметлерин қоллап-қуўатлаў, Ташкент қаласындағы «ыссы линия» номерлери: +998 (71) 276-93-25, +998 (71) 276-23-11 (мәнзил: Фархад кѳшеси, 12-жай, spid.uz);
  • наўқаслардың унамлы тарийхы менен бѳлисиў, оларға жәрдем кѳрсетиўде үлги болыў.

Егер күнделикли турмысыңызда – жумыс орнында, үйде яки басқа орынларда стигматизация ҳәм кемситилиўге гүўа болсаңыз, бундай жағдайларға жол қойыўға болмайды. Машқаланы ашық айтың, әтирапыңдағылар стигма ҳәм кемситилиў жағдайларына жол қоймаў кереклигин түсиниўи зәрүр.

Адамға ҳәр қандай стигма жағдайларда қаншели аўыр болатуғынлығын түсиниў ушын, ѳзимизди сол адамның адамның орнына қойып кѳриўимиз керек. Бәлким, бул, адамның басқаларға болған қатнасының қандай екенлигин ойланып кѳриўине, адамлар бир-бирине уқсамаслығын, бирақ барлығымыз бирдей ҳуқық ҳәм мәжбүриятларға ийе екенлигимизди түсиниўине ҳәм қабыл етиўине жәрдем берер. Ҳәр бир адам АИВ, туберкулез яки басқа да кеселликлер жуқтырыўы мүмкин екенлигин естен шығармаў керек. Сизиң адамларды түсиниўиңиз, оларды қоллап-қуўатлаўыңыз кѳплеген адамлардың ѳмирин сақлап қалыўға ҳәм олардың жақсы ѳмир сүриўине жәрдем бериўи мүмкин!