Аралықтан оқытыў түрлери

Аралықтан (онлайн) оқытыў усылы бир неше абзаллықларға ийе, мысалы:

  • Ѳзгериўши график — студентлер ѳзлерине қолайлы ўақытта оқыўына болады;
  • қол жетерлик — студентлер билим алыўы ушын узақ жол басып келиўи шәрт емес;
  • үнемлилик — транспорт қәрежетлерин қысқартыў мүмкиншилиги.

Аралықтан оқытыў усылында теориялық билимлер шынығыўлар менен тығыз байланыста аңсат ѳзлестириледи. Теориялық ҳәм әмелий кѳнликпелер материалларды турақлы түрде үйренип барыў, сондай-ақ, аудио-видео материалларды пайдаланған ҳалда тыңлаў ҳәм тәкирарлаў кѳнликпелерин арттырыўға қаратылған шынығыўлар жәрдеминде артып барады.

Аралықтан оқытыўдың тѳмендеги түрлери бар:

Чат-класслар бул, оқытыў барысында чат технологиялары пайдаланылатуғын сабақлар. Сабақлар онлайн тәризде ѳткериледи, бирақ, бул барлық қатнасыўшылар чат арқалы қарым-қатнас ислеў имканиятына ийе дегени емес. Аралықтан оқытыў усылын қолланатуғын кѳпшилик билимлендириў мәкемелери оқытыўшылар ҳәм оқыўшылар ушын чатларға ийе.

Интернет-сабақлар — онлайн конференциялар, семинарлар, ойынлар, лабораториялық жумыслар, шеберлик класслары ҳәм басқа да оқытыў усылларынан ибарат телекоммуникация ҳәм интернет функциялары жәрдеминде аралықтан оқытыў түри .

Веб-класслар ушын веб-форумлар — Арнаўлы сайтларда тийисли темадағы хабарды қалдырыў арқалы пайдаланыўшы менен ислесиў түри. Веб-форумлар чат сеанслардан ѳзиниң узақ ўақыт ислеў (бир неше күн даўамында) ҳәм оқыўшы менен оқытыўшы арасында асинхрон түрдеги қарым-қатнас орнатыў имканияты менен ажыралып турады.

Телеконференция электрон почталар арқалы силтемелер дизими тийкарында ѳткериледи. Сондай-ақ, оқыў материалларын аймақларға почта менен жибериў арқалы ѳткерилетуғын аралықтан оқытыў түрлери де бар. Бул система «тәбийий оқыў процесси» деп аталатуғын оқытыў усылына тийкарланған.

Aldıng’ı Keyingi