Мектепти аккредитациядан ѳткериў дегенимиз не?

Педагог хызметкерлер менен бир қатарда, билимлендириў мәкемелери де мәмлекетлик аттестация ҳәм аккредитациядан ѳткериледи. Мектеплерди аккредитациядан ѳткериў тәртиби Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 7-июндағы 470-санлы «Мәмлекетлик билимлендириў мәкемелери ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шѳлкемлерин аттестация ҳәм аккредитациядан ѳткериў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы Қарары менен белгиленген.

Сондай-ақ, усы қарар менен «Мәмлекетлик билимлендириў мәкемелери ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шѳлкемлерин аттестация ҳәм аккредитациядан ѳткериў тәртиби ҳаққында» ғы Нызам тастыйықланған. Усы Нызам тийкарында, билимлендириў шѳлкемлерин аккредитациядан ѳткериў Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен әмелге асырылады.

Аттестация жумыслары мектеп аккредитациядан ѳтпестен алдын әмелге асырылады. Аттестация жумыслары билимлендириў шѳлкеминиң ишки ҳәм сыртқы жумысларын баҳалаў арқалы еки басқышта ѳткериледи. Аттестацияда билимлендириў шѳлкеминиң жумыслары, оқыўшылардың билим дәрежеси, кадрлар потенциалы, оқыўшылар ушын жаратылған шәраятлар баҳаланады.

Аттестациядан ѳткен мектеплерге мәмлекетлик аккредитация ҳаққындағы сертификат (гүўалық) бериледи ҳәм мектеп питкериўшилерине мәмлекетлик үлгидеги билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжет бериў ҳуқықы бериледи. Сертификат 5 жыл мүддетке бериледи.

Жаңадан шѳлкемлестирилген билимлендириў шѳлкемлери олардың шѳлкемлестирилген күнинен баслап 5 жыл мүддетке аккредитацияланған есапланады.

Егер мектеп аттестациядан ѳте алмаған жағдайда, билимлендириў шѳлкеминиң басшысы ҳәм оның орынбасарларының қәнигелиги жеткиликсиз деп есапланып, жумыс бериўши ҳәм олар арасындағы мийнет шәртнамасы тийисли тәртипте бийкар етиледи.

Билимлендириў мәкемелерин мәмлекетлик аккредитациядан ѳткериў процедуралары ҳаққында толығырақ мағлыўматты тѳмендеги силтеме арқалы алыўыңызға болады: https://lex.uz/docs/4367782.

Aldıng’ı Keyingi