Оқыўшылардың сѳйлеў уқыбын қалай раўажландырыўға болады?

Сѳйлесиў — ең әҳмийетли қарым-қатнас қуралы. Шырайлы ҳәм исенимли қылып сѳйлеў кәмил инсанға тән қәсийет. Сол ушын да, балалардың саламатлығы ҳәм билим алыўына сыяқлы, олардың сѳйлеў уқыбын раўажландырыўға да үлкен итибар қаратыў зәрүр.

Китап оқыў — сѳйлеў уқыбын раўажландырыўдың әҳмийетли бир бѳлеги. Бул процесс оқыўшылардың сѳз байлығын раўажландырыўға жәрдем береди. Китап кѳп оқыған адам терең пикирлеп биледи, пикирин толық түсиникли қылып жеткере алады, сондай-ақ, қысқа ҳәм анық сѳйлейди. Адам қаншели кѳп китап оқыса, ол соншели пухта ҳәм қәтесиз сѳйлейди.

Сѳйлеў уқыбын раўажландырыў муғаллимнен оқыўшылардың сѳзлерди дурыс айтыўға, лексика ҳәм синтаксислик байланысларды билиў кѳнкликпелерин асырыўға жәрдеми тийетуғын усыллардан пайдаланыўын талап етеди. Ана тилин оқытыўдағы мақсетлердиң бири, бул оқыўшыларды дурыс пикирлеп билиўге, тилдиң нормаларына сай түрде оның мәнили қуралларынан пайдаланып билиўге үйретиў болып есапланады. Баслаўыш классларда оқыўшылар гәпти дурыс жасаў, пикирлерин айтып билиў, қосық оқып билиў, сондай-ақ, оқығанларын қайталап айтып бериўге үйренеди. Булардың бәри, олардың аўызеки сѳйлеў кѳнликпелерин раўажландырыўға жәрдем береди.

Ана тили сабақлары балаларға тил байлығын асырыўға ҳәм қәтесиз дурыс сѳйлеп үйрениўине жәрдем береди. Оқыў сабағы ҳәм оған байланыслы экскурсиялар, балалардың сѳйлеў уқыбын қәлиплестириў ҳәм оны раўажландырыўда кең имканиятлар жаратады.

Aldıng’ı Keyingi