Хакатон дегенимиз не ҳәм оны мектеп сабақларында қалай шѳлкемлестириўге болады?

Заманагѳй тәртиптеги билимлендириў, билимди әмелде пайдаланыўға бағдарланған: мектеп оқыўшылары тек ғана мағлыўматларды ѳзлестирип қоймастан, оларды шын мәнистеги машқалаларды шешиўге де қоллана билиўи керек.

Хакатон дегенимиз не?

«Хакатон» түсиниги IT (информация технологиялары) дүньясынан келген болып, командалар белгили бир мәселениң шешими үстинде яки жаңа ѳним ислеп шығарыўда бир-бири менен байланыса отырып, ѳз-ара ҳәрекет ететуғын илаж болып табылады. Хакатонда мобил қосымшаларды ислеп шығарыўшылар ҳәм сценаристлер мобил қосымшаларды ойлап табады, бағдарламаларды пайда етеди, операцион системаларды жетилистиреди ҳәм кѳплеген қурамалы мәселелерди шешеди.

Хакатонда мобил қосымшаларды ислеп шығарыўшылар менен сол тараўдағы қәнигелер байланысады: олар, командалар мәселени қалай шешиўге урынып атырғанын бақлап барады ҳәм соңында жойбарды баҳалап, ең жақсысын таңлап алады ҳәм усыныслар береди.

Әдетте, хакатон бир-еки күн даўам етеди. Буннан соң топарлар жюри ағзалары алдында ислеп шығарған ѳнимин жақлап шығады. Жеңимпазларға сыйлықлар усынылады. Бирақ, олардың тийкарғы умтылыўшылығы сыйлық емес, ал олардың бир-бири менен байланысыўы, команда дүзиў, тәжирийбе алмасыў ҳәм үлкен топардағы қәнигелерге ѳзлериниң идеяларын жеткериў имканияты болып табылады.

Мектеплер арасында ѳткерилетуғын хакатонлар киширек кѳлемде болып, олар балаларға ѳз-ара ҳәрекетлениў, команда дүзиў, роллерди бѳлистириў ҳәм ең баслысы теориялық билимлерин әмелде «қолланыў»ды үйретеди.

Не ушын хакатонлар мектепте әҳмийетли?

Бундай формат арқалы муғаллимлер оқыўшыларды әдеттен тыс жағдайда бақлап, олардың жасырын талантларын кѳрип шығады ҳәм сабақты қаншелли дәрежеде ѳзлестиргенин баҳалайды. Егер мүтәжлик туўылса, оқытыў барысын да дүзетеди.

Ал, оқыўшылар ушын хакатонлар олардың билимлерин әмелде сынаўға жәрдем берип қоймастан, басқа да кѳнликпелерди раўажландырыўға жәрдем береди. Булар: ойлап табыўшылық ҳәм критикалық пикирлеў, басқалар менен қарым-қатнас дүзиў, жеке пикирин қорғаў ҳәм презентация ислеў қәбилетлери.

Муғаллим ушын тек ғана илаж ѳткериў әҳмийетли емес, ал керисинше ол оқыўшылардың жанында болып, оларға жеке идеяларын еле де жарыққа шығарыўына жәрдем бериў. Ѳйткени, ўақыт тамамланып, командалар үйлерине тарқасқан менен де, хакатон ислеўди даўам ете береди. Кѳплеген балалар ѳз жойбарлары үстиндеги жумысын тоқтатпайды. Мысалы, сайтты басқарады ямаса ѳзлери дѳреткен қосымшаларды қолланады. Айырым оқыўшылар ѳзлериниң жеке мәпин гѳзлеген болса, айырымлары әҳмийетли жәмийетлик машқалаларға шешим тапқысы келеди. Гейпара оқыўшылар ѳзлериниң идеяларын еле де жалғастырып, пайда табыўға да бағдарлайды.

Aldıng’ı