Қәнигелик категориясы қандай тәртипте бериледи?

Билимлендириў тараўында ислеп атырған педагогларға олардың кәсиплик шеберлиги дәрежесине қарап белгили бир категория бериледи. Мысалы, улыўма билим бериў мектеплеринде ислеўши муғаллимлерге биринши, екинши ҳәм жоқары квалификациялы қәнигелик категориясы бериледи.

Бундай категорияларды қалай алыўға болады?

Педагог хызметкерлерге квалификация бериў тәртиби Министрлер Кабинетиниң 2021-жылы 17-сентябрьдеги 572-санлы «Мектепке шекемги, улыўма орта билим бериў, орта арнаўлы, кәсиплик ҳәм мектептен тыс билимлендириў мәкемелери педагогларын аттестациядан ѳткериў тәртиби ҳаққыда»ғы Қарары менен тастыйықланған Нызамда кѳрсетилгенин атап ѳтиўимиз тийис.

Бул ҳүжжет ҳәр қыйлы рәсмийшиликлерге шек қойып, квалификация бериў процедурасын әпиўайластыралы. Квалификация оқытыўшыларды аттестациядан ѳткериў арқалы бериледи. Аттестацияда муғаллимлердиң педагогикалық шеберлиги ҳәм психологиялық таярлығы баҳаланады. Педагог, Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясында ѳзиниң пән сабағынан имтихан тапсырыўы лазым.

Муғаллимлерге қағаз түриндеги аттестатларды бериў әмелияты бийкар етилип, электрон санлы имза ҳәм QR-кодлы электрон түрдеги аттестатларды бериў тәртиби енгизилди.

Педагоглар ҳәр бес жылда бир мәрте мәжбүрий аттестациядан ѳтип турыўы тийис, ал жумысқа жаңадан қабылланғанлар яки питкериўшилер мәжбүрий аттестациядан жумыс баслағаннан соң үш жылдан кейин ѳтиўи тийис. Муғаллимлер ѳз қәлеўи менен гезектен тыс аттестациядан ѳтиўи де мүмкин.

Квалификация алыў ушын мектеп ҳәкимшилиги аттестациядан ѳткен муғаллимлерди алты айдан кем болмаған мүдетте жазба түрде хабарландырыўы шәрт. Муғаллимлер аттестацияға тийкарғы жумыс орнынан шақырылады.

Педагоглар басқа билимлендириў мәкемесине ѳткенде, сондай-ақ, бир түрдеги билимлендириў мәкемесинен басқасына ѳткенде яки мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемесинен мәмлекетлик билимлендириў мәкемесине ѳткенде, олардың квалификациясы сақланып қалынады.

Оқытыўшылардың аттестациясы еки басқышта ѳткериледи:

Биринши басқышта, педагогикалық шеберлиги ҳәм психологиялық таярлығы билимлендириў шѳлкеминиң педагогикалық (бақлаў) кеңеси тәрепинен үйренип шығылады.

Екинши басқышта, пән сабағынан квалификациялық тексериў ѳткериледи.

Тѳмендеги балларды топлаў зәрүр:

  • 80 балл — жоқары болған квалификациялық категорияны алыў ушын;
  • 70-79 балл — биринши квалификациялық категорияны алыў ушын;
  • 60-69 балл — екинши квалификациялық категорияны алыў ушын;
  • 55-59 балл — «қәниге» лаўазымын алыў ушын;.

55 баллдан тѳмен балл топлағанларға квалификациялық категория берилмейди.

Aldıng’ı Keyingi