Жумыс орнында ҳаял-қызлардың саламатлығын қорғаў

Статистикалық мағлыўматларға кѳре, дүнья жүзинде туўыў жасындағы ҳаял-қызлардың дерлик 60%и жумыс пенен тәмийинленген. Олардың кѳпшилиги нарәсмий түрде жумыс ислеген, демек мәмлекеттиң бақлаўы ҳәм қорғаўы астында болмаған. Ҳаял-қызлардың рәсмий яки нарәсмий жумыс ислеўине қарамастан, олардың саламатлығын ҳәм экономикалық жақтан қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң шараларын кѳриў жүдә әҳмийетли.

Жумыс орнында ҳәмиледар яки емизиўли баласы бар аналар кемситилиў ҳәм саламатлығына қәўиплерден қорғалыўы шәрт. Оларға балаларын емизиўи ушын ўақыт ажыратып берилиўи зәрүр. Оларға ҳәмилердарлық бойынша яки туўыў дәўиринде дем алыс алыў, жумысқа орналасқанда қорғаў, медициналық жеңилликлер ҳәм зәрүрли қаржылай жәрдем алыў ҳуқықы берилиўи шәрт.

Ҳәмилердарлық бойынша яки туўыў дәўиринде дем алыс алыўы кепиллениўи зәрүр: ана бала туўылғаннан кейин дем алыс алыўға ҳәм дем алыс жуўмағы менен қайта жумысқа келиў ҳуқықына ийе .

Сондай-ақ, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм жас аналарға қатал мүнәсибетте болмаў, ҳәмиледарлығы себепли, ҳәмилердарлық бойынша яки туўыў дәўириндеги мийнет дем алысы ўақтында жумыс орнын сақлап қалыў яки жумыс ислеў ҳуқықы кепиллениўи керек.