Стрессти жеңип ѳтиўге жәрдем бериўши 7 мәсләҳәт
- Стрессти жеңип ѳтиў ушын жақсы дем алыс ҳәм шыдамлылық зәрүр.
- Жумыс орнында адамларға мүләйим, дослық қатнаста болып, ѳзгелерге ҳүрмет ҳәм ҳақ нийетлилик кѳрсетиўге ҳәрекет етиң
- Ѳзгелерге кек сақламаң. Унамсыз пикирлерден тезирек қутылыўға ҳәрекет етиң. Усы жол менен ѳзиңиздиң руҳый саламатлығыңызды сақлап қаласыз.
- Ѳзиңизге унаған ислер менен шуғылланып, машқаллалардан ѳзиңизди алаң қылың.
- Сезимлериңизди сыртқа шығарыўға тартынбаң. Жылап алыў эмоцияларды босатыўға пайдалы.
- Дыққатыңызды унамсыз нәрселерге жәмлемең. Унамсыз хабарларды қабыллаў кѳлемин шегаралаң.
- Асығыслық қылмаң. Тоқтап терең дем алың. Саламатлығыңыздан әҳмийетлирек ҳеш нәрсе жоқ екенлигин умытпаң.