Эмоция дегенимиз не?
Психологлардың анықлаўынша, эмоция бул адамның айырым нәрселерге, қубылысларға, адамларға ҳәм ѳзине болған қатнасы себебинен пайда болатуғын ишки кеширмелери. Эмоция бул адам аңындағы ҳәр қыйлы ўақыялардың ишки кеширмелер сыпатындағы кѳриниси.
Эмоция түсиниги күнделикли турмыста пайдаланылады. Илимий дереклерде сезиўлер, аңсыз рәўиштеги тилеклер, талаплар ҳәм мақсетлер сыяқлы терминлер пайдаланылады.
Адам эмоциялары адамның жүзиниң реңи ҳәм мимикасының ѳзгериўи, сондай-ақ, күлки, жылаў, бақырыў ҳәм басқа да түрдеги кѳринисте болады
Ўатан сүйиўшилик, жуўапкершилик, инсап, мухаббат сыяқлы қурамалы сезимлер эмоцияға жатпайды. Бул жердеги айырмашылық сонда, бул сезимлер социаллық әҳмийетке ийе, ал эмоция ҳәр бир адамда индивидуал түрде болады.
Эмоция тек адамларда емес, ал ҳайўанларда да болады. Эмоцияның физиологиялық тийкары болып, бас мийиниң үлкен ярым шарлары қабығында ҳәм қабығы астында болатуғын нерв процесслери саналады