Бир ѳмир билим алыўдан жалықпа
Ересеклердиң билим алыўы, балалардың билим алыўы сыяқлы тек бизиң елимизде ғана емес, ал пүткил дүньяда жүдә әҳмийетли саналады.
Халықаралық билимлендириў ҳүжжетлери ҳәм мәмлекетимиздиң миллий нызамшылығында да ересек адамлардың билим алыўына ҳуқықый тийкар жаратылған. Атап айтсақ, 2020-жыл 23-сентябрьдеги билимлендириў ҳаққындағы нызамда билимлендириўдиң ҳәр қыйлы түрлери белгиленген болып, бул билимлендириў хызметлериниң сезилерли дәрежеде кеңейиўине тийкар болды. Оларға мысал ретинде, “шаңарақта билим алыў”, “ѳз-бетинше билим алыў”, “инклюзив оқытыў”, “ересеклерге билим бериў ҳәм оқытыў” түрлерин келтирсек болады. Соңғы кѳрсетилген термин рәсмий, нарәсмий ҳәм хабарландырыў арқалы билимлендириў түсиниклерин ѳз ишине алады. Буның нәтийжесинде, ересеклер ѳз ѳмири даўамында ѳз билимлерин кеңейтип, кѳнликпелерин асырып, тийисли кәсипке ийе болмақта.
1953-жылы шѳлкемлестирилген Ересеклерди билимлендириў бойынша Европа ассоциациясы, бүгинги күнге келип дүньяның 34 мәмлекетинде 100 ден артық бѳлимлерге ийе болды. Ассоциация ересеклерди оқытыў менен шуғылланып, пүткил Европа бойынша оқытылған ерлер ҳәм ҳаяллардың улыўма саны 50 миллионнан артықты қурамақта.
Екинши тәрептен, мәмлекетлик университетлер кѳплеген мәмлекетлерде ересеклерди оқытыў системасының бир бѳлеги саналады. Буған мысал ретинде Германия халық университетлерин алсақ болады. Мәмлекетте 900 ден артық усындай мәкемелер тәрепинен белгили бир фирма ҳәм кәрханалардың хызметкерлерине хызмет сапары сыпатында «буйыртпа тийкарында оқытыў» түриндеги кадрларды қайта таярлаў семинар ҳәм курслары усынылмақта. Бул курсларда қәлеген жастағы адам оқыўына болады. Сондай-ақ, айрықша курслар бар болып, олар жумыс пенен бәнтлер болғанларды, жумыссызларды, ҳаяллар ҳәм ерлерди, шаңарақ қурмақшы болғанларды, сондай-ақ напақадағыларды оқытыўға бағдарланған.
Қубла Корея тәжирийбесине келсек, бул мәмлекетте мәсләҳәт органы бар болып, ол адамның ѳмири даўамында билим алыўы ҳаққындағы нызамларға муўапық түрде миллий сиясатты ислеп шығыў ҳәм әммелге асырыў ушын жуўапкер есапланады. Үзиликсиз билимлендириў бойынша комитетти билимлендириў министриниң ѳзи басқарады. Комитет қурамына Үзиликсиз билимлендириў миллий институты президенти тәрепинен тайынланатуғын министр орынбасарлары ҳәм экспертлер, сондай-ақ, комитет баслығы киреди.