Не ушын балаларға қарағанда жас ѳспиримлерди үйретиў қыйынырақ кешеди?
Тәрбия мәселесине келгенде бәрқулла дыққаты бѳлинип жүретуғын ѳспирим менен ислесиў, дыққатлы ҳәм тез ѳзлестире алатуғын бала менен ислесиўге қарағанда қыйынырақ кешеди. Бул билим алыўға да тийисли. Ѳйткени, ѳспиримлерде ѳзине тән минез болып, олар ѳзлерин дерлик ересек сезиниўши болады. Сонлықтан, оларға ѳзлери қәлемеген нәрсени қабыллатыў қыйын.
Орта мектепте ѳспиримликке ѳтиў дәўири барлық балаларда жүз береди. Усылай етип, олар балалық дәўиринен жырақласып баслайды. Билимлендириў системасында балалардың тѳрттен үш бѳлеги улыўма бала сыпатында қаралмайды, яғный олар жас ѳспиримлер. Олар ѳзгерип барады, талапшаң болады ҳәм ҳеш нәрсени тән алмайды.
Балалар ѳзлериниң ата-анасына тийисли екенлигин сезингиси келеди. Ал, ата-аналар балаларға олар менен жақын екенлиги ҳәм улыўма қәсийетлеринде уқсаслық бар екенлигин билдиреди. Бала ересеклерге қарап улғаяды. Ал, ата-аналар исенимди беккемлеў ушын толығы менен перзентлерине бағдарланған ис-ҳәрекетлерди алып барады. Әдетте, 10-13 жастағы балалар ѳзлерин жүдә жоқары баҳалайды. Ѳйткени, оларды үйде кѳп хошаметлейди. Билим алыў барысында ҳәр бир жетискенлик қәдеми ушын ата-анасы оны «бәрекелла» деп марапатлап турады. Перзентиниң жетискенликке ерискеннен соң, бир орында тоқтап қалмаўы ушын оған «Қәнекей, бир урынып кѳрейик. Әлбетте, бул сениң қолыңнан келеди!» деп еле де кѳбирек хошамет береди.
Жас ѳспиримлер ески балалықтағы әдетлеринен қутылғысы келеди ҳәм ѳзлериниң бийғәрезлигине ерисиў ҳәм жеке инсан сыпатындағы қәсийетлерин табыў ушын ата-аналарына уқсас болған тәреплерин ѳзгертиўге таяр турады. Буған жуўап ретинде ата-аналар перзентлерине жуўапкершилик ҳәм қәўипсизлик туўралы ескерте отырып, ѳсип баратырған организм ушын кеңирек орын ажыратып баслайды. Усылай етип, ѳспиримлердиң еркин ҳәрекетлениўи ҳәм ѳз үстинде жеке ис алып барыўы ушын мүмкиншиликлерди усыныс етеди. Деген менен булардың барлығы айтарлықтай дым әпиўайы емес. Есейиў барысы жаңа ҳәм белгисиз нәрселер ушын барлық ески ҳәм таныс болған нәрселерден ўаз кешиў менен байланыслы. Сонлықтан, «ѳспиримлик дәўири» қорқынышларды пайда етип, баладан күшли батыллықты талап етеди. Әсиресе, дәслепки дәўиринде яғный, 15 жасқа шекемги аралықта ҳәр түрли себеплерге байланыслы бала ѳзин тѳмен баҳалап баслайды. Мысалы:
- Перзентиңиздиң есейиўи ушын оған балалығында заўық бағышлаған барлық нәрселери менен хошласыўы керек болады.
- Кѳп жаңалықлар менен тәжирийбелерге толы кең дүнья оған ҳақыйқаттан да шеннен тыс үлкен түйилиўи мүмкин.
- Ата-аналар менен болған қарым-қатнас шийеленисе баслайды.
- Жынысый жетилисиў менен физикалық тәрептен ѳзгерип атырғанлығынан уялыўы күшейеди ҳәм буны қадағалаўдың имканы болмайды.
- Шексиз еркинлик алдындағы жуўапкершилик албыратыўы мүмкин.
- Теңлеслер арасындағы «шаңарақ»тың бир бѳлеги болыўға умтылған социаллық беллесиўлери таңламалы тәризде, ал гейде жүдә қатал кешеди.
Минези дым ѳзгермели адам менен жақын ҳәм беккем қатнаста болыў, айырым жағдайларда үлкен қыйыншылықлар туўдырады.
Бул ата-аналар ушын да, оқытыўшылар ушын да тийисли нәрсе. Раўажланыў барысында тум-тустан ѳзгеристиң жүз бериўи мектеп жағдайындағы мәселени он есеге қыйынластырып жибереди. Жас ѳспиримлер менен бирге ислесиў, олардың ѳз-ара мүнәсибетлери оқытыўшылардың беккемлигине қаратылған сынақ болып табылады. Балалар бурынғыдай сабырлы, тил алғыш ҳәм тәсиршең емес.
Класстағы қарсыласыўларға тѳтепки бериў ушын ѳспиримге үлкен тѳзимлилик керек болады. Муғаллим оқыўшының билими тѳменлеп баратырғанына итибар қаратып, қәтелерин баҳалап, жәрдемлесип ҳәм бала ѳзин жаман сезгенде оның қысынғанына ҳүрмет пенен қарап, оны қоллап-қуўатлай алады. Ѳйткени, билим бериў саўатсызлықты сапластырыўға бағдарланған. Жақсы оқытыўшы әлбетте Сократтың «Мен ҳеш нәрсе билмейтуғынымды билемен» деген даналығынан хабардар.
«Тармаққа» ылағыў ҳәўеси де жоқ емес. Ѳспиримлер бир үйде емес, ал еки түрли дүньяда ѳседи. Күнделикли ислениўи тийис болған жумыслардан ибарат жуўапкершилиги артып баратырған офлайн тәриздеги дүнья ҳәм ҳеш изи ада болмайтуғын заўықлардан ибарат онлайн тәриздеги дүнья. Материаллардың бир бѳлеги оқыўшылар тәрепинен интернет арқалы ѳзлестирилгени менен де, партада отырып, қағаздан жасалған сабақлықларды класста оқыў кѳп ўақыт талап етеди. Егер сиз жас ѳспирим болсаңыз, сиз қайсы ѳмир тәризин таңлаған болар едиңиз? Бул жердеги күтилген жуўап анық.
Ҳәзирги ўақытта оқытыўшылар ѳзлери де интернеттен пайдаланыўды үрдиске айландырыўы керек болса да, буған ѳршелене қарсыласып келмекте. Интернет бул сиз кѳз алдыңызға келтиргеннен де кѳбирек нәрсе бере алатуғын дүнья. Перзентиңизге мағлыўматлар излеўди, билим бериўши ҳәм қызықлы бағдарламаларды қалай табыўды үйретиўиңиз мүмкин. Бул тек ғана ойын ямаса қосымшалар жәрдеминде әмелге асырылыўы шәрт емес.