Оқытыўдың қайсы усылы нәтйижелирек: онлайн яки дәстүрий усылыма?
Айырым адамлар дәстүрий оқытыў усылын таңласа, гейпаралары онлайн оқытыўды таңлайды. Кѳбинше, онлайн оқытыў усылын дәстүрий оқытыў усылына қарсы қояды, бирақ бул надурыс. Бул еки усыл да ѳзине тән ѳзгешеликлери ҳәм абзаллықларына ийе, қандай жағдайларда қолланылғанына қарап нәтийжели болыўы мүмкин. Олардың нәтийжелилиги, контекстке, темаға, оқытыў мақсетлерине, ҳәр бир оқыўшының жеке ѳзгешеликлерине, сабақлықларды оқытыў сапасына ҳәм басқа да бир қатар факторларға байланыслы болады.
Онлайн оқытыў базарында оның түрлери жүдә кѳп. Олар Coursera, EdX, Udacity, Udemy сыяқлы ашық онлайн курслар, сондай-ақ, улыўма билим бериў платформалары, мобиль қосымшалар, билимлендириўдеги компьютер ойынлары, видеоконференциялар, муғаллим менен биргеликтеги виртуал сабақлар ҳәм басқа да кѳплеген усыллардан ибарат. «Қайсысы нәтийжели?» деген сораўды қойыў орынсыз есапланады. Платформаның имканиятларын түсиниў әҳмийетлирек. Жақсы нәтийжелерге ерисиў ушын форматлар ҳәм қураллардың үйлесимлигин дурыс таңлап билиў кѳнликпесине ийе болыў зәрүр.
Онлайн билимлендириў келешекте дәстүрий билимлендириўдиң орнын басама?
Жақын жүз жыллықта, онлайн билимлендириў усылы дерлик үш мың жыллық тарийхқа ийе дәстүрий билимлендириўди артта қалдыра алмайды деп болжаўға болады. Онлайн билимлендириў дәстүрий билимлендириўдиң нәтийжелилигин асырып, оны толықтырып барыўшы қуралға айланады. Ѳзимизди раўажландырыў ҳәм кѳнликпелеримизди арттырыў ушын ѳмиримиз даўамында турақлы түрде жаңа билим ҳәм кѳнликпелерди ийелеп барыўымыз зәрүр, бирақ, гейде, қосымша оқыў курсларына қатнасыўға ўақтымыз ҳәм имканиятымыз бола бермейди
Турмысымыз ҳәм жумысымызды жеңиллестириў ушын билим алыўымызды аралықтан даўам етсек болады. Бундай жағдайларда, онлайн оқытыў усылы жүдә әҳмийетли қуралға айланады. Аралықтан оқытыў түри жаңа қосымшалар ҳәм санлы технологияларды пайдаланған ҳалда кѳнликпелеримизди арттырыўдың ең жақсы усыл саналады.
Коронавирус пандемиясы дәўиринде онлайн оқытыў усылы ҳәм қураллары кең раўажланды. Нәтийжеде, кѳплеген адамлар билим алыўдың усы түрине ѳтти.
Пандемия дәўиринде мектеплердеги онлайн оқытыў усылы да жүдә әҳмийетли мәселе саналады. Онлайн оқытыў усылына байланыслы бир қатар психологиялық машқалалар да пайда болды. Киши жастағы балаларға оқытыўшы ҳәм классласлары менен жанлы тәризде қарым-қатнаста болыўы жүдә зәрүрли. Физикалық активлик ҳәм эмоцияларды шығарыў да сабақларды ѳзлестириўдеги әҳмийетли фактор есапланады.
Баслаўыш класс оқыўшыларын аралықтан оқытыў усылына ѳткериў айрықша қыйыншылықлар туўдырады. Ҳәзир мектеплер карантин жағдайлары ушын жақсы таярлыққа ийе болғаны менен баслаўыш класслардағы онлайн оқытыў усылы жоқары сапада билим бере алмаўы мүмкин, себеби баланың жақсы оқып билим алыўы ушын жанлы қарым-қатнас орталығы талап етиледи.