Педагоглар аттестациядан ѳтпестен квалификацияны қалай алыўына болады?

Педагоглар арасында ең кѳп берилетуғын сораў бул аттестациядан ѳтпестен квалификацияны алыў мүмкинлиги ҳаққындағы сораў. Себеби, айырым педагоглар ис тәжирийбесине, илимий дәрежеге, ҳәр қыйлы таңлаўлар жеңимпазлығы яки абырайлы сертификатларға ийе ҳәм оларда бул жетискенликлери инабатқа алынама деген орынлы сораў туўылады.

Бул мәселелер «Мектепке шекемги, улыўма орта билим бериў, орта арнаўлы, кәсиплик ҳәм мектептен тыс билимлендириў мәкемелери педагогларын аттестациядан ѳткериў тәртиби ҳаққыда»ғы Нызам менен тәртиплестириледи (Министрлер Кабинетиниң 2021-жылы 17-сентябрьдеги 572-санлы Қарары). Усы Нызам тийкарында, тѳмендеги жағдайларда тиккелей, аттестациядан ѳткерместен квалификациялық категориялар бериледи:

  • Районлық (қалалық) басқышларындағы спартакиада жеңимпазларын таярлап жетистирген улыўма билим бериў мәкемелериниң дене тәрбиясы пәни муғаллимлерине екинши квалификациялық категория бериледи;
  • Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқышындағы спорт жарысларының жеңимпазларын таярлап жетистирген улыўма билим бериў мәкемелериниң дене тәрбиясы пәни муғаллимлерине биринши квалификациялық категория бериледи;
  • Халықаралық ҳәм республикалық спорт жарысларының биринши, екинши ҳәм үшинши орын жеңимпазларын таярлап жетистирген улыўма билим бериў мәкемелериниң дене тәрбиясы пәни муғаллимлерине жоқары квалификациялық категория бериледи;
  • Математика (IМО), физика (IPhO), химия (ICHO), биология (IBO), информатика (IOI) пәнлери бойынша халықаралық олимпиадада алтын, гүмис ҳәм бронза медалларын (биринши, екинши ҳәм үшинши орынды) жеңип алған оқыўшыларды таярлап жетистирген улыўма билим бериў мәкемелериниң оқытыўшыларына жоқары квалификациялық категория бериледи.

Буннан тысқары тѳмендеги категориядағы муғаллимлер дәрежеси асырылады:

  • Ѳзбекстан Республикасы мәмлекетлик сыйлығын алған педагоглар;
  • Миллий Муғаллимлер Сыйлығы лауреаты;
  • Worldskills жарыслары жеңимпазларын таярлаған муғаллимлер;
  • Республикалық илимий олимпиада ҳәм таңлаўлар жеңимпазлары болған оқыўшыларды таярлаған муғаллимлер.
  • Магистр дәрежесине ийе қәнигелер, сондай-ақ, жоқары билимлендириў системасына илимий дәрежелер енгизилместен алдын жоқары мағлыўмат алған оқытыўшыларға екинши квалификациялық категория бериледи;
  • Жоқары аттестациялық комиссия тәрепинен илим кандидаты, философия илимлери докторы (PhD) яки илим докторы (DSc) ҳәм үлкен илимий хызметкер, доцент ҳәм профессор дәрежелерине ийе педагог хызметкерлерге жоқары квалификациялық категория бериледи.
Aldıng’ı