Сабақ анализи не ушын керек?

Ҳәзирги күнде оқытыўшылар арасында «мектепте сабақларды анализлеў зәрүрме?» деген сораў туўылмақта. Айырымлары, анализ бул методикалық жәрдем ҳәм ол педагогикалық искерликти жетилистириўге жәрдем береди деген пикирде болса, ал басқалары, бул оларға артықша басым кѳрсететуғынлығын айтпақта. Бул мақалада, сабақлардың анализи қандай жағдайларда ѳткерилетуғыныy ҳәм ол не ушын керек екенлигин кѳрип шығамыз.

Сабақларды анализлеўдиң тѳмендеги түрлери бар:

  • шѳлкемлестириў анализи;
  • илимий анализ;
  • дидактикалық анализ;
  • методикалық анализ;
  • психологиялық анализ;
  • педагогикалық анализ.

Сабақлардың анализи тѳмендеги жағдайларда ѳткериледи:

  • билимлендириў ҳәм тәрбияның сапасын анықлаўда;
  • педагогикалық тәжирийбесин асырыўға жәрдем кѳрсетиўде;
  • муғаллимниң интерактив оқытыў усылларын үйрениў ҳәм кең ен жайдырыўда;
  • ѳз-ара сабақларға қатнасыўда;
  • билим ҳәм тәрбиялық процесстиң дәрежесин анықлаўда;
  • илимий-изертлеў жумысларында;
  • оқыўшылардың психологиялық процессин үйрениўде.

Халық билимлендириў системасы ушын муғаллимниң кәсиплик дәрежесин асырыў жүдә әҳмийетли екенлиги бәршемизге мәлим. Муғаллимлер тәрепинен басқа муғаллимниң сабақларында қатнасыўының тийкарғы мақсети бул методикалық билим алыў, ѳзиниң кәсиплик дәрежесин асырыў екенлигин естен шығармаў керек.

Муғаллимлер тәрепинен ѳзиниң кәсиплеслериниң сабақларында қатнасыўындағы мақсет, олардың унамлы тәжирийбелерди алыў ҳәм ѳзгелердиң қәтесин тәкирарламаў болып есапланады.

Oldingi Keyingi