Ҳәр бир балаға теңдей имканиятлар

Инклюзив билимлендириў социализацияға, сондай-ақ, имканияты шекленген балалардың кемситилиўине қарсы гүресиўге бағдарланған. Билимлендириўдиң бул түри, ҳәр бир баланың ѳзин оқыў процессинниң ажыралмас бир бѳлеги сыпатында сезиўи имканиятын береди.

Ҳәр бир педагог ѳзиниң оқытыў усылы ҳәм бағдарламаларына ийе. Ол ѳз пәнин жетик дәрежеде меңгерип, балалар менен қалай ислесиў кереклигин биледи. Оқыўшылардың айырымлары сабақ темасын жақсы билиўи, ал айырымлары қыйналыўы мүмкин, бирақ балаларға ҳәрекет етиў принципи түсиникли болады ҳәм педагог бағдарламасы бойынша жумысты даўам ете береди. Бирақ, классқа раўажланыўында ѳзгешеликлерге ийе бала келсе не ислеў керек?

Классқа басқаларға уқсамаған оқыўшы келсе, басқа балаларда сораў туўылыўы мүмкин. Кѳбинше, балалар оның үстинен күлиўи, ҳәттеки масқаралаўы да мүмкин. Бундай жағдайларда, жуўапкершилик толығы менен педагог мойнында болады. Педагог балалар менен сѳйлесип, оларға бул бала менен қандай қарым-қатнаста болыў кереклигин түсиндириўи зәрүр.

Инклюзив билимлендириў пайдалы ҳәм нәтийжели болыўы мүмкин. Билимлендириўдиң бул түрин раўажландырыў ҳәм кең ен жайдырыў ушын, база жаратылып, улыўма билим бериў мәкемелери басшыларына ҳәм педагогларға жәрдем кѳрсетилиўи зәрүр. Ѳзгешеликке ийе балаларға улыўма билим бериў мәкемелеринде айрықша жантасыў зәрүрлигин ядта тутыў керек.

Ѳзгешеликке ийе балалардың толық билим алыўы ушын арнаўлы платформа ҳәм жәрдемши қураллар зәрүр болады, яғный, оқытыў методикасы, арнаўлы әдебият, қолайлы парта ҳәм отырғышлар (баланың саламатлығынан келип шыққан ҳалда), пандуслар. Мектеп жәмәәти логопед-оқытыўшы, дефектолог-оқытыўшы, педагог-психолог сыяқлы қәнигелерден ибарат болып, дурыс қәлиплесиўи жүдә әҳмийетли. Әпиўайы пән оқытыўшыларынан тысқары, толық оқыў күни даўамында баланың қасында болатуғын устазлар болыўы керек. Бул баланың билим алыўында сезилерли жеңилликлер жаратады.

Ѳзгешеликке ийе балалардың ата-аналары балаларының басқа балалар менен бирге оқып билим алып атырғанлығын, классласлары менен қарым-қатнаста екенлигин кѳрип ѳзлерин бахытлы сезеди.

Keyingi