Қызылшаға қарсы вакцина

Қызылшадан ең жақсы қорғаныў усылы бул қызылша -паротит-қызылшаға (КПК) қарсы вакцина алыў болып табылады. КПК вакцинасы қызылшаның барлық штаммларынан узақ ўақытқа шекем қорғайды.

Перзентиңизди қорғаў ушын миллий иммунизация календарына муўапық, КПК ваксинасының еки дозасын алыўы керек.

1963-жылда қызылшаға қарсы вакцина ҳәм кең кѳлемли емлеў енгизилиўден алдын, ҳәр 2-3 жылда бир рет үлкен эпидемиялар болған. Ҳәр жылы дүньяда 2,6 миллион адам қызылшадан набыт болған.

2018-жылы дүнья жүзиндеги балалардың шама менен 86%-ы күнделикли медициналық жәрдем кѳрсетиў арқалы биринши туўылған күнине шекем қызылшаға қарсы вакцинаның бир дозасын алды. 2000-2017 жыллар аралығында дүнья бойлап қызылшаға қарсы вакцинация жәрдеминде 23,2 миллион ѳлимниң алды алынды.

Қызылша елеге шекем дүньяның кѳп жерлеринде кең тарқалған. Перзентлериңиздиң саламатлығын қәўип астына қоймаң! Миллий шаншыўлар календары тийкарында, оларға ѳз ўақтында вакциналарды салдырың!

Миллий шаншыўлар календарына киргизилген барлық шаншыўлар бийпул.

04_2.png

Aldıng’ı