2 Как распространяется кор (1).png

Қызылша қалай тарқалады?

Қызылша жүдә жуқпалы. Қызылшаға шатылған адам жѳтелгенде ямаса түшкиргенде ҳаўа арқалы тарқалады. Бул соншелли жуқпалы болып, егер бир адамда бул кеселлик болса, оның әтирапындағы 10 адамның 9-на, егер олар вакцина алмаған болса, бул кеселлик оларға да жуғады.

Перзентиңиз қызылша менен кеселленген адам болған ханада, ҳәттеки, ол адам сол жерден шығып кеткенине еки саат ѳткен болса да, қызылша менен кеселлениўи мүмкин.

Қызылша менен кеселленген адам қызылшаны ѳзинде кеселлик бар екенин билиўден алдын да, яғный қызылшаның таспасы пайда болыўынан тѳрт күн алдын ҳәм тѳрт күн ѳткеннен, басқаларға жуқтырыўы мүмкин

Қызылша елеге шекем дүньяның кѳплеген жерлеринде кеңнен тарқалған. Сиздиң шаңарағыңыз сырт елге саяхатқа шықпаса да, сиз жәмийетиңиздиң ҳәр қандай орнында қызылша менен кеселленип қалыўыңыз мүмкин. Қызылшаны Ѳзбекстанға вакцина алмаған саяхатшылар басқа мәмлекетлерде болғанларынан кейин ѳзлери менен алып келиўи мүмкин.

Қызылшаға қарсы вакцина алмаған адам қәўип топарында болады.

Aldıng’ı Keyingi