Балаға брекетти неше жасында қойыў зәрүр?

Балаларда тислердиң қабысыўын (аўызды жаўғанда жақ ҳәм тислердиң жайласыўы) ерте туўырлаў жасы үлкейгенде қурамалы ҳәм қымбат турыўшы емлеўдиң алдын алады. Балалардың жақ бѳлими жақсы раўажланыўы ҳәм тислериниң жайласыўы дурыс қәлиплесиўи ушын брекетлерди балалардың киши жасында қойған мақул.

Машқаланы ерте анықлаў мақсетинде баланы ортодонт шыпакер кѳригинен 3-4 жасынан баслап ѳткериў зәрүр. 10-12 жасқа шекем организмдеги сүйеклер системасының актив түрде раўажланыўы даўам етип, сүт тислериниң орнына турақлы тислер толық шықпайды. Сонлықтан бул жас аралығында тислердиң жайласыўын алынып салынбалы пластина жәрдеминде дүзеген мақулырақ. Ең жақсы вариант бул пластина ҳәм трейнерлерди 7-9 жастан баслап пайдаланыў. Олар тислерге зыян келтирмейди ҳәм аўҳалдың аўырласыўының алдын алады.

Кейин, жас ѳспиримлик дәўирде тиккелей брекет системасында емлеўге ѳткен мақул.

Брекетлерди қойыў бойынша кѳрсетпелер:

  • Тислердиң натуўры жайласыўы;
  • Тислер арасындағы аралықтың үлкенлиги;
  • Жақтың жоқарғы ҳәм тѳменги бѳлимлери арасындағы парық;
  • Шайнаў функциясының бузылыўлары;
  • Күлгенде эстетикалық жақтан кемшилик.

Тистиң эмаль қатламы бузылыўы кѳбинше 12 жасқа шекемги дәўирде жүз береди. Сол себепли, брекетлерди қойыўдың ең қолайлы дәўири 12-18 жас аралығы есапланады. Бул дәўирде тислердиң қатар аралары ѳзгериўге кѳбирек ийкемлесип, сүйек тканы ѳсип барады, тислер аңсатлық пенен қозғалады, жас организмниң күши ѳсиўге ҳәм бет сүйеклериниң қәлиплесиўине бағдарланған болады. Бул дәўирде емлеў бираз тез ҳәм аўырыўларсыз кешеди.

Балалардың емлеўге таяр екенлигин баҳалаў критериялары:

  • Тис эмалының белгили бир дәрежеде беккем екенлиги;
  • Брекетлерди орнатыў ушын талап етилетуғы тислердиң узынлығы;
  • Жоқарғы азыў тислериниң болыўы.

Егер ѳзиңизге яки балаңызға брекет қойдырмақшы болсаңыз ортодонт-стоматологқа жолығыўыңыз зәрүр.