Балаға операцияға таярланыўына қалай жәрдем бериў керек

Медицина хызметкерлерине қарағанда ѳз балаңыз ҳаққында ѳзиңиз жақсырақ билесиз ҳәм қыйын ўақытта оны тек сиз тынышландыра аласыз. Операция болыўы күтилип атырған балалардың қорқыўы ҳәм тәшиўишлениўи бул тәбийий жағдай. Оларда кѳплеген сораўлар пайда болады. Бала менен күтилип атырған яки әмелге асырылып атырған емлеў ҳаққында сѳйлеспестен алдын, шыпакерлерден баланың жағдайы, емлеўханаға жатқарыў тәртиби, емлеў этаплары ҳәм барысы ҳаққындағы барлық зәрүрли нәрселерди анықлап алың. Емлеўханадағы жағдайлар ҳаққында қаншели кѳп хабардар болсаңыз, баланы қоллап-қуўатлаў да соншели жеңил болады.

Балаңызды қоллап-қуўатлап оған жәрдем бериў ушын тѳмендегилерди әмелге асырсаңыз болады :

  • Хирурглар менен операцияға шекем, оның ўақтында ҳәм жуўмақланғаннан соң нелер болатуғынлығы ҳаққында сѳйлесиў;
  • Барлық сораўларыңызға толық жуўап алыў.
  • Баланың сораўларына оған түсиникли қылып дурыс жуўап бериң. Егер сораўына жуўап бере алмасаңыз, шыпакерден анықлап болып айтатуғыныңызды түсиндириң.

Балалар тѳмендеги сораўларды бериўи мүмкин:

  • Операция ўақтында аўырыў сеземенбе?
  • Операция ўақтында мен уйықлап жатаманба?
  • Анам (әкем) қасымда боласызба?
  • Маған шаншыў ислейме?
  • Операциядан соң емлеўханада жатаманба?

Балаға қорқыў сезими бул нормал жағдай екенлигин түсиндириң. Оны қушағыңызға басың, операцияға шекем ҳәм ол жуўмақланғаннан соң да қасында болатуғыныңызды айтың.

Егер балаңыз емлеўханада қалатуғын болса, ол жерде не менен шуғылланыўын жобаластырыўға жәрдем бериң. Ѳзин жақсы сезип баслағаннан соң, балаңызда видеоларды кѳриў, музыка тыңлаў, мобиль телефоннан пайдаланыў яки жақынлары менен кѳрисиў тилеги пайда болыўы мүмкин.

Және нелер ҳаққында билиўиңиз зәрүр?

Ѳзиңиз ҳаққында да естен шығармаң, баланы сонда ғана жақсы қоллап-қуўатлай аласыз. Жақынларыңыздан ҳәм досларыңыздан жәрдем алыўға таяр болың. Дурыс аўқатланыўға ҳәм толық уйықлаўға ҳәрекет етиң. Егер балаңызда аўыр кеселлик болса яки аўыр операция ѳткерилген болса, психолог пенен сѳйлесип, ѳзиңиздиң сезимлериңизди басқарыўда жәрдем алыўыңызға болады.

Keyingi