Стресс дегенимиз не?

Стресс деп адамның сыртқы тәсирлерге реакциясына айтылады. Бундай жағдайға түскен адамды кѳргенимизде: «Ол күйгелекленип атыр»-деймиз. Биз «күйгелеклик» дегенимизде «стресс» түсиниледи. Стресс адамлардың ѳмирине, ѳзлерин тутыўына, жумыс ислеў қәбилетине, қоршаған орталық пенен қарым-қатнасына ҳәм ең баслысы, олардың ден саўлығына тәсир кѳрсетеди.

Стресске түскен адамлар, ашыўшақ, әйтеўир нәрселерге қапаланатуғын болып қалады. Сондай-ақ олар қызба ҳәм тез шаршайтуғын болады. Бундай адамларда тез-тезден күйгелеклик, қатты шаршаў, уйқысызлық, эмоцияларын ҳәдден тыс кѳп шығарыў ҳәм тәшиўишке түсиў жағдайлары болады.

Стресс жүрек соғыўының тезлесиўине алып келеди. Стресстиң ең биринши белгиси бул уйқының бузылыўы. Адам түн ортасында оянып кетеди ҳәм қайта уйқыға кете алмайды, азанда уйқысы қанбай оянады, иштейи жоғалады. Ѳмирде ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы пайда болатуғын стресслерден ҳәрдайым да сақланыў имканияты жоқ, бирақ стресс факторларын кемейтиўге, кѳбирек дем алыўға ҳәм дыққатты жақсы эмоцияларға қаратыўға ҳәрекет етиў керек.

Aldıng’ı Keyingi