Үйге тапсырманы қалай аңсат орынлаўға болады?

Перзентиңиз үйге тапсырмасын орынлаўға қыйналады ма? Мақаланы оқып шыққаннан кейин, сиз психологлар ҳәм оқытыўшылардың үйге тапсырманы орынлаўға балаңызға қәйтип жәрдем бериў екенлиги бойынша пайдалы мәсләҳәтлерин табасыз.

Мектеп инсан өмириндеги әҳмийетли басқыш болып, балалар, әлбетте, жақсы оқыўы керек. Сол себепли, айырым ата-аналар баланың барлық үй тапсырмасын орынлап болмағанша сабақ таярлаўын талап етеди. Қала берсе, көпшилик ата-аналар перзентлериниң ақыллырақ ҳәм жақсырақ болыўынан үмитленип, оларды үйге тапсырманы орынлаўға мәжбүрлеп, оларға басым өткереди. Ҳақыйқатында да, сизиң балаңызға қатнасыңыз, оның психикалық саламатлығы ҳәм илимге қызығыўшылығы бираз әҳмийетлирек.

Бир нәрсени түсинип алыў керек, ертерек орынланбаған үйге тапсырма бахытсызлық та, апатшылық та емес (ата-аналар ушын да, бала ушын да). Кери жағдайда сиз өзиңизди жаман ата-ана сезинесиз ҳәм перзентиңиз сиз оны тек баҳалары ҳәм нәтийжелери ушын жақсы көреди деп ойлайды. Бундай усыл перзентиңиздиң келешекте бахытлы инсан болыўына тосқынлық етеди.

Перзентиңизге үйге тапсырманы орынлаўдағы қәўетерди жеңиўге жәрдем бериң. Бала үйге тапсырмаға қайсы усыл менен кирисиўди билмеўи мүмкин. Бундай жағдайларда ата-аналардың ўазыйпасы балаға сабақ таярлаў барысын шөлкемлестириўге жәрдем бериў, оған қай жерден баслаў, қалай жуўмақлаў ҳәм жуўапларды дәптерге жазыўды көрсетиў болып табылады.

Балаға не ушын оқыў керек екенлигин ҳәм үйге тапсырманы не ушын орынлаў керек екенлигин түсиндириң. Көпшилик балалар айырым нәрселердиң не ушын керек екенлигин түсинбейди. Перзентиңизди үйге тапсырманы орынламағанлығы ушын жазаламаң – бул надурыс жол. Бала ушын мотивация табыўға ҳәрекет етиң ҳәм сабыр сақлаң. Жағдайды шийеленистирмең, бул тек баланың ғәзебин келтиреди. Егер ол бир нәрсени келистире алмай атырса, ашыўланбаң. Есте сақлаң, бала менен исенимли мүнәсибетлерди сақлап қалыў әҳмийетлирек болып табылады.

Aldıng’ı