“Ата-анамның бир-бири менен жәнжеллескен даўыслары бир неше ҳәптеге шекем есимнен шықпайды ” Ата-анасы жәнжеллескенде жас ѳспиримге қалай тәсир етеди

Шаңарақтағы орталық қаншели саламат болғаны менен, гейде ата-аналар арасында түсинбеўшиликлер болып турады. Айырым кишигирим келиспеўшиликлер әдетте балаларға тәсир кѳрсетпейди, бирақ үлкен жәнжеллер оларға белгили дәрежеде ѳз тәсирин кѳрсетеди.

Шаңарақтағы жәнжел балаға қандай тәсир кѳрсетиўи мүмкин:

  • Балаларда ѳзине болған исеними кемейиўи мүмкин. Оларда шаңарағы турақлы екенлигине исенимсизлик пайда болады. Ата-анасы кѳп жәнжеллесетуғын балаларды ата-анасының ажырасыўы ҳаққындағы ойлар ҳәрдайым тәшиўишке салыўы мүмкин.
  • Жәнжеллер ата-ана ҳәм балалар арасындағы қарым-қатнасқа да унамсыз тәсир кѳрсетиўи мүмкин. Келиспеўшилик жағдайлары ата-аналарға да стресс есапланады. Күйгелекленген ата-аналар балаларына кѳп итибар қарата алмайды. Қала берсе, жәнжеллесип қапаланып жүрген ата-аналар балаларына жыллы ҳәм жақсы меҳир кѳрсете алмайды.
  • Ата-анасының тез-тезден жәнжеллескенин кѳрген балалар күшли стресске түседи. Стресс жағдайы олардың физикалық ҳәм руҳый саламатлығына тәсир етип, олардың саламат раўажланыўына тосқынлық етеди.
  • Жәнжел кѳп болған шаңарақта ѳскен балаларда саламат қарым-қатнаста болыўында, яки ѳмирде кимге исениўди яки исенбеўди анықлап алыўында қыйыншылықлар болыўы мүмкин.
  • Сондай-ақ, шаңарақтағы жәнжеллердиң ақыбетинде, балада уйқының бузылыўы, иш аўырыўлары яки бас аўырыўлары сыяқлы басқа да машқалалар пайда болыўы мүмкин.

Әлбетте, барлығымызда балаларды жәнжелдиң қурбаны қылмай, аўызбиршиликте жасаўды қәлеймиз. Бирақ жәнжеллесиў барлық адамда да болып туратуғынлығын түсинемиз. Барлық адамда да басқарыў қыйын болған, иште қалып кеткен негатив сезимлер болады. Бирақ, ата-аналар балалары кѳз алдында жәнжеллеспеўге ҳәрекет етиўи тийис. Жәнжеллесиў балаларға унамсыз тәсир кѳрсетеди.

Keyingi