Балаға қандай саўға таңлаўға болады?

Кѳпшилик ўақытлары ата-аналар балаларына туўылған күнинде яки байрамларда қандай саўға алыў кереклигин билмейди. Мақаланы оқып, қандай саўғалар алыўға болатуғынлығы ҳаққында танысып шығасыз.

10 жасқа толған балаға қандай саўға бериўге болады?

Бундай жастағы балалар саўғаның түрлерине жүдә қатты талап қоймайды, оларға жасы үлкенлердиң кѳрсеткен итибарының ѳзи де қуўанышлы болады. Саўға ретинде ѳзине унаған ойыншық машина, қуўыршақлар яки әпиўайы мазалы десерт бериў мүмкин. Саўғаны аларда, баланың қызығыўшылықларын ҳәм жасын итибарға алың.

Балаға тѳмендеги саўғаларды берсеңиз болады:

  1. Конструктор. Ойыншықты аларда, оның неше жастағы балаларға арналғанына ҳәм материалының сапасына итибар қаратың.
  2. Китап. Бундай саўға, қоршаған дүньяны үйренип ѳсип атырған бала ушын бәрқулла әҳмийетли саналады. Бул, баланың китап оқыўға болған қызығыўшылығын оятыўда ең қолайлы дәўири есапланады.
  3. Балалар аттракционларына барыў. Балалар ушын ата-анасы менен биргеликте байрамға таярланып безетилген майданларға яки шырша әтирапына барыў оғада қызықлы болады.

15-18 жастағы балаларға қандай саўға бериўге болады?

15-18 жасында балаға пайдалы ҳәм пайдаланыўға қолайлы саўғалар жағымлы ҳәм қызықлырақ болады. Биргеликте кинотеатрға барыўыңызға, кийим-кеншек, спорт инвентарын, велосипед, самокат, духи, шырайлы клавиатура, сымсыз компьютер тышқаншасын яки “ақыллы саат” сатып алсаңыз болады.

Балаға саўға таңлағанда, оның минез-қулқын ҳәм қызығыўшылықларын есапқа алыўды естен шығармаң. Әлбетте, саўғаның бала саламатлығы ушын қәўипсиз болыўын да ойланып кѳриў керек.

Aldıng’ı Keyingi