Балаңызда сигарета таўып алсаңыз не ислеў керек?

Егер бала темеки шегип баслаған болса, демек, оның әтирапындағылардан кимдур, мысалы ата-анасы яки дослары темеки шегиўиши болыўы мүмкин. Кѳпшилик жас ѳспиримлер ересеклердей болыў тилегинде шегип баслайды, яғный ѳзиниң жақынлары менен теңдей болып жүриў мақсетинде. Ал айырым ўақытлары, жас ѳспирим не ушын шегип баслағанын ѳзи де билмеўи мүмкин.

Буның қалай алдын алыўға болады?

Балаңыз зәрүр болған жағдайларда «яқ» деп айтып билиўи жүдә зәрүрли. Буны оған жаслығынан түсиндирип барыў керек. Баланы сондай қылып тәрбиялаў керек, ол қандайда бир нәрсени ислеўге анық тилеги бар яки жоқ екенлигин кѳрсетип билиўи керек.

Бала темеки шегиў зыянлы әдет екенлигин түсиниўи лазым. Бул ушын туўры сѳзлер менен түсиндирип билиў керек. Қатаң түрдеги ҳақыйқат сѳзлер менен, жеке мысалыңызда түсиндириў керек. Егер балаңызға мобиль телефонды кѳп пайдаланыў ақыбетинде кѳзи кѳрмей қалады десеңиз, ал егер олай болмаса, ол ендиги рет сизиң гәпиңизге исенбеўи мүмкин. Ѳзиңиз темеки шегип, оның зыянлары ҳаққында айтқаныңыздан пайда жоқ. Балалар жүдә жақсы бақлаўшылар, олар ата-анасының ҳәрекетлерин тәкирарлаўға бейим болады.

Балаңыз әлле қашан темеки шегип баслағанлығын анықласаңыз не ислеў керек?

Ең нәтийжели стратегия бул басықлық пенен балаңыз не ушын темеки шегип баслағанын түсиниўге ҳәрекет етиў. Балаңызға кейиместен, оны қараламастан оның гәплерин тыңлаң. Темеки шегиўдиң зыянлары ҳаққында мектепте кѳп еситкен, оны сиз айтпасаңыз да ѳзи биледи. Егер ол темеки шегип баслаған болса, буның «ҳәмме қатары болғым келеди», «адамлар мени үлкен бала деп ойласын», «зериккенликтен», «маған ҳәмме нәрсе қадаған етилген» «барлығын ѳзим шешиўди қәлеймен», «досларыма, жәмийеттиң пикирине «яқ» деп айта алмайман» ҳ.т.б. сыяқлы эмоционаллық пикирлерге тийкарланған белгили бир себеби болыўы мүмкин. Буған түсинген ҳәм оны қабыллаған ҳалда жантасыў керек.

Сѳйлесиў ўақтында жас ѳспиримге салмақлы тәсир етиўши аргументлерди келтириң. Мысалы, темеки шегиўшилер менен қарым-қатнаста болыў жағымсыз – олардың шашлары реңин жойтқан ҳәм тислери сарғайған, ѳсип киятырған организм ушын темеки жүдә зыянлы деген сѳзлер сыяқлы. Эмоцияларға берилмең.

Қадаған етиў, шаўқым шығарыў ҳәм жазалаўлар мәселени шешиўде жүдә нәтийжесиз болады. Ата-аналар балаларына сиңдирген бир-биреўге болған исенимли қарым-қатнас, ѳзине исениўшилик ҳәм ѳзине ѳзи баҳа бериў сыяқлы әдеплери жәрдем бериўи мүмкин. Шешимди балаңыз бенен биргеликте қабыл етиң. Ѳзиңиздиң оған болған исенимиңиз ҳәм ғамхорлығыңызды сезиўине имканият жаратың.

Балаңыздың не ушын темеки шегип баслағанының себебин анықласаңыз, бәлким мәселениң шешимин де аңсат табыўыңыз мүмкин, мысалы, жүзиў яки баскетбол секциясына қатнастырыў, үй ҳайўанларын алып бериў, жаңа хобби яки қызығыўшылықларын анықлаў, биргеликте кѳбирек ўақыт ѳткериў. Баланың тәбийий потенциалын толық раўажландырыўға жәрдем бериң. Бундай жағдайда, баланың зыянлы әдетлерге ўақты да, тилеги де болмайды.

Кейинги пайытлары балаңыз бенен қарым-қатнасыңыз бузылып атырса, ол сиз бенен сѳйлескенди қәлемесе ҳәм оның менен тыныш сѳйлесиў қыйын болып атырса не ислеў кереклиги ҳаққында келеси мақалада оқып танысың.

Aldıng’ı Keyingi