Балаңыздың жанынан вейп табылса не ислеў керек?

Вейпинг (инглис тилинде vaping — пуўланыў) бул электрон сигарета, пуўланыўшы ҳәм басқада усыған уқсас қурылмаларды шегиў процесси. Вейплер бул электрон сигареталар, киши-шылымлар.

Вейплер жаслар арасында кең тарқалып баратыр. Бирақ себеби неде? Себеби бул қурылма жүдә шырайлы кѳриниске ийе болыўы мүмкин. Соның менен бир қатарда, вейпти шеккеннен соң кийимде, қолларда ҳәм аўызда ийис қалдырмайды.

Балаңыздың жанынан вейп табылса не ислеў керек?

  • Оған бул ҳаққында хабардар екенлигиңизди айтың: бул ҳаққында басық түрде, сынға алмастан айтың. Сизиң ўазыйпаңыз бул нәрсе енди сыр емес екенлигин, ол ойлағандай қадаған етилген нәрсе емес екенлигин түсиндириў болып табылады.
  • Егер араңызда жыллы, бир-биреўге исенимли қарым-қатнас болса, ашықтан-ашық сѳйлесиң. Балаңыздан не ушын вейп шегип баслағанын сораң: Буннан ол неге ериседи? Бәлким, ол усы жол арқалы имтиханлардан алдын тынышланбақшы болдыма? Ер жеткенлигин, үлкен болғанлығын кѳрсетпекшиме? Қызығыўшаңлығы себеплиме? Жора-жолдасына қосылыў мақсетиндеме? Балаңыз бенен биргеликте себебин табыўға ҳәрекет етип кѳриң. Соңынан оған, стрессти жеңиўдиң, ѳзин жүзеге шығарыўдың яки дослар арттырыўдың басқа да жоллары бар екенлигин түсиндириң.
  • Егер араңыздағы қарым-қатнас буннан алдында жақсы емес болса, сизиң балаңыз қатарлы балалары бар досларыңыздан кеңес сораң. Психологта емлениў, педагог яки мектеп психологы менен кеңесиўдиң ҳеш қандай зыяны жоқ.
  • Егер сиз яки шаңарағыңызда кимдур темеки шексе, шегиўди қойыў ушын ѳзиңизде күш табың! Балаңыз сизден үлги алып ѳсетуғынлығын естен шығармаң, сол ушын ѳзиңиздиң жақсы тәреплериңизди асырың.
  • Шаңарақтағы аўызбиршиликли орталық балаңыздың ѳмири ушын қолайлы шәраятлар жаратады. Егер балаңыз оқыўдан келсе яки сиз жумыстан келсеңиз, бәрқулла балаңыздан күнин қалай ѳткергенлиги ҳаққында сораң. Жас ѳспиримде сиз оны қоллап-қуўатлаўыңыз, жақсы кѳретуғынлығыңыз ҳәм қәдирлейтуғынлығыңызға исеним сезимин пайда етиў жүдә зәрүр. Егер бала ѳзин шаңарақта жақсы сезсе, сыртта ѳзин жүзеге шығарыўға, қәўипли қызығыўшылықларға ийе жас ѳспиримлер топарына қосылыўға мүтәжлиги қалмайды.
  • Оның дыққатын саламатлығына кѳп тартыўға болмайды. Жас гезинде адамлар ѳзлерин жақсы сезеди ҳәм келешектеги ақыбетлери ҳаққында ойламайды. Оларды шатылыўы мүмкин болған инфаркт, инсульт, тромбоз ҳәм онкология тәшиўишке салмайды. Олар жас, күш-қуўатқа толы. Деген менен, темеки шегиўдиң жас организмге зыянлы тәсири ҳаққында фактлер ҳаққында айтсаңыз болады. Ҳәзир темеки шегиў мода емес. Дүньяда жаслар саламат турмыс тәризине кѳбирек дыққат аўдармақта, себеби бул жақсы ҳәм пайдалырақ.

Тилекке қарсы, ата-аналар гейде заманагѳй жаслардың машқалалары менен дусласыўына туўры келмекте. Бахтымызға, бул толығы менен нормал жағдай. Баслысы, балаңыз сизге исенетуғын ата-ана болыў. Оған дос ҳәм жәрдемши болыў ҳәм ҳеш қандай жағдайда да оған күш кѳрсетпеў керек. Ҳәр бир тартыслы жағдайлар ҳәм машқалларды жыллы сѳз бенен ҳәм қоллап-қуўатлаў менен шешиўге болады.

Aldıng’ı Keyingi