Бала кѳп ўақтын экран алдында ѳткереди: не ислеў керек?

Экран ўақты дегенимиз не? Бул смартфон, планшет, компьютер яки телевизор сыяқлы қурылмалар экраны алдында ѳткерилген ўақытты билдиреди.

Статистикалық мағлыўматларға кѳре, жас ѳспиримлер ҳәр күни 4 саатқа шекем ўақтын экран алдында ѳткереди. Машқала тек смартфонсыз ѳзлерин қолайсыз сезип баслаўда емес. Балаңыз ҳәр сапары ойынлар ойнап яки жаңалықлар кѳрип баслағанда оның дыққаты алаң болады. Сабақларына яки үй тапсырмаларына дыққатын жәмлеўге кѳп ўақыт ҳәм күш сарыплайды. ЖДССШниң мағлыўматына бола, балалығынан үйретилген саламат әдетлер, келешекте семириў ҳәм басқа да кеселликлердиң алдын алыўда жүдә үлкен әҳмийетке ийе. Сонлықтан, олардың ҳәр күни экран алдында ѳткеретуғын ўақтын қысқартып барыў зәрүр.

Сондай-ақ, экран алдында ўақтын кѳп ѳткериў балалардың бир-бири менен ҳәм жақынлары менен қарым-қатнаста болыўын қысқартыў қәўипи бар, бул олардың социаллық ҳәм эмоционаллық жақтан раўажланыўында әҳмийетли орынға ийе. Буннан тысқары, баланың мийиниң раўажланыўына унамсыз тәсир етиўи мүмкин деген пикирлер бар.

Балларға смартфон ҳәм планшетлерден басқа қызықлы нәрселерди табығыўға жәрдем бериў зәрүр. Смартфон ҳеш қашанда баланың шаңарақ ағзалары ҳәм қатар-қурбылары менен жанлы қарым-қатнаста болыўының орнын баса алмайды. Оларды ҳәрекетли ойынларға үйретиў, китап оқыўға қызықтырыў, биргеликте конструктор жыйнаўға, стол ойынларын ойнаў яки дѳретиўшилик пенен шуғылланыўға үйретиў зәрүр. Биргеликте китап оқыў баланың дүнья қарасын кеңейтеди ҳәм араңыздағы қарым-қатнасты беккемлейди, сол ушын жас шеклеўин талап етпейтуғын әдебиятларды оқыўдан баслаң.

Aldıng’ı Keyingi