Бала ойынға қатты берилген болса не ислеў керек?

Баланың гаджетлерди жақсы ѳзлестириўи ата-анада дәслеп қуўаныш ҳәм сүйиспеншилик, ал кейинирек тәшиўиш оятады. Жас ѳспирим шыдамсыз, күйгелек, уйқышыл боп қалады, иштейи ҳәм уйқысы бузылады, ўақтын кѳбирек қолындағы телефонда ѳткереди.

Алдынлары жас ѳспиримлерде компьютер ойынларына ғәрезлилик болған болса, ал ҳәзир оның орнын телефон ойынлары аңсатлық пенен ийелеп алмақта. Енди компьютерде отырып ойын ойнаў ушын үйине келиўиге асығыў зәрүр емес, ал ойын ѳзи жанында алып жүретуғын телефонында болыўы мүмкин. Балалар пүткиллей виртуал дүньяға берилип кетеди, ҳәттеки гейде реал ѳмирди де умытады. Телефондағы қосымшалардан басқа, қызықлы талап таба алмаған кишкене балалардың саны артып бармақта. Баланың телефондағы ойынларға қатты берилгенлигин тѳмендегилерден билип алсақ болады, яғный, ол дерлик бос ўақтының барлығын ойын ойнап ѳткереди, гейде үй жумыслары ҳәм мектептеги сабақларына итибар қаратқанды қояды. Бул, ѳмирдиң барлық аспектлерине қызығыўшылығының жоғалыўы, яғный қатар-қурбы менен жанлы қарым-қатнастың кемейиўи, баҳалаларының тѳменлеўи, ағайин-туўғанлары ҳәм муғаллимлери менен келиспеўшиликлери кѳринисинде болады.

Егер балаңыз жүдә кѳп ўақтын ойын ойнаў менен ѳткерип атырғанлығын түсинсеңиз, сизге тѳмендеги мәсләҳәтлерди усынамыз:

  • Балаға ѳзиңиз ѳрнек болың. Зәрүрлик болмаса, илажы болғанша телефонды усламаң, бала менен кѳбирек қарым-қатнас ислең.
  • Балаға ѳзи қызықан нәрселерди табыўға жәрдемлесиң.
  • Бала менен бирге күнлик жоба дүзиң. Ол зериккенинен жеңил, қызықлы нәрселерди ислеўге ҳәрекет етеди. Баланың ҳәр күнин қызықлы нәрселер менен шуғылланыўына, сабақлықлар үйрениўине, қатар-қурбы менен ойнаўына, әпиўайы үй жумысларын ислеўине бағышлаң, бирақ, дем алыўына да ўақыт ажыратың.
  • Ересеклерге де, жас ѳспиримлерге де телефоннан пайдаланыў қадаған етилген орынлар ҳәм ўақыт ҳаққында келисип алың. Мысалы, аўқатланыў ўақтында, уйқыдан алдын ҳәм ағайинлердиң үйине қыдырып барғанда телефоннан пайдаланбаған мақул.
  • Смартфонда бала менен бирге ойын ойнаң. Баланың қандай ойынлар ҳәм не себеп қызығыўшылығын тартқанын түсинип аласыз.
  • Мобиль телефонда раўажланыўға қаратылған ойынларды ойнаң, бирақ экран алдындағы ўақтын қадағалап барың.

Балада виртуаль дүньяға кирип кетиў тилеги пайда болмаўы ушын, оны футбол, аяқ ойыны, бокс сыяқлы басқа нәрселерге қызықтырың, сонда мобиль қосымшаларды шеклеп қойыў мәселесине қәжет қалмайды.

Aldıng’ı Keyingi