Жас ѳспиримлик дәўирдеги кризис ҳаққында нелерди билиўимиз керек?

Жас ѳспиримлик дәўирде баланың кейипи ѳзгериўшең болып қалатуғынлығын барлық ата-аналар биледи. Айырым ўақытлары, ата-аналар балалары менен қалай қарым-қатнас ислеўди билмей, ѳзлерин шарасыз сезеди. Балаларға тәсир ѳткериў ушын олар ҳәр қыйлы усылларды, ҳәттеки унамсыз усылларды да қолланып кѳреди. Мысалы, кѳпшилик жайғдайларда ата-аналар балаларына даўыс кѳтереди, оларды ҳәр қыйлы усыллар менен жазалайды, ал нәтийжеде бала менен ортадағы қарым-қатнас бузылады.

Жас ѳспиримлик дәўир деп балалықтан ересекликке ѳтиўши басқыш болған адамның раўажланыў дәўирине айтамыз. Бул дәўирде ѳзин аңлаўында, бир-биреўге болған қарым-қатнастың қәлиплесиўинде түпкиликли ѳзгерислер ушырасады. Бул жастағы дәўирде баланың ишки сезимлерине айрықша дыққат аўдарылмаса, бала үлкейгенде оның минез-қулқында унамсыз ѳзгерислер болыўы мүмкин. Соның ушын, бул дәўирде ата-аналар жүдә дыққатлы болып, нелер болып атырғанлығын түсинип алыўы зәрүр:

  • Жас ѳспирим бала ер жетип киятырғанлығын сезип баслайды. Ѳзин ересек адамлардай тутыўға, ѳзиниң үлкейгенлигин кѳрсетиўге ҳәрекет етеди. Сонлықтан, ол ѳз бетинше болыўға, ѳзин жүзеге шығарыўға, ересек адамлар тәрепинен оның ҳуқық ҳәм имканиятларының тән алыныўына мүтәжлик сезе баслайды.
  • Олар кѳпшилик ўақытта ѳзлерине кеўли толмайды. Оларда болып атырған ѳзгерислер нәтийжесинде күйгелеклик пайда болады, ѳзине-ѳзи баҳа бериў уқыбы жүдә әззи болады. Бул, унамсыз ойлардың ҳәм тәшиўишлениўдиң пайда болыўына алып келиўи мүмкине. Сонлықтан, ата-аналар ҳәм жақынлары бала менен шын кеўилден ашық сѳйлесиўи зәрүр.
  • Сондай-ақ, шаңарақтағы жағдайларда да жас ѳспиримлерге унамсыз тәсир етиўи мүмкин. Мысалы, айырым шаңарақларда балалар жүзеге келген жағдайларға қарсы жеке ѳзи гүрескен ҳалда жасаўы мүмкин. Жас ѳспирим баллада шаңарақтағы турмысқа қанаатланбаў сезими артып барады ҳәм бул иштеги қозғалаңға айланыўы мүмкин. Ата-аналар ҳәм балалар арасындағы унамсыз қарым-қатнаслар ҳәм айырым ата-аналардың алкоголли ишимликлер ишиўшилиги де баланың ишки руҳый дүньясына жаман тәсир кѳрсетеди.

Бундай дәўирлерде ата-аналар балалары менен ўақтын кѳбирек ѳткерип, қарым-қатнаста болыўы зәрүр. Олар баланың ишки дүньясы ҳәм оның әрманлары менен қызығып барыўы зәрүр. Мотивациясын асырыў, бирақ басым ѳткермеў керек. Ата-аналардың баланың дослары менен танысыўы да жас ѳспиримниң жеке мақсетлериниң ҳәм ѳзин тутыў усылларының қәлиплесиўине үлкен тәсир кѳрсетеди.

Бала тәрбиясында шаңарақтағы атмосфера да әҳмийетли орын тутады. Ҳәттеки, шаңарақтағы әпиўайы урыс-қағыслар баланың руҳый саламатлығына жүдә жаман тәсир кѳрсетеди. Сонлықтан, ата-аналардың қоллап-қуўатлаўы бала ушын ең әҳмийтелиси ҳәм зәрүрлиси болыўы мүмкин.

Aldıng’ı Keyingi