Жас ѳспирим менен ерегиспей, оған қымбат баҳалы нәрселерди сатып ала алмайтуғынымызды қалай түсиндириўимиз мүмкин?

Жас ѳспиримлерде жийи-жийи ересеклер ушын түсиниксиз тилеклер ҳәм қызығыўшылықлар пайда болып турады. Мысалы, қымбат баҳалы затлар ҳаққында әрман етиўи. Олардың тилегин итибардан тыс қалдырмай ҳәм соның менен бирге ѳзиңниң пикириңди де жеткериў ушын ѳспиримлер менен қалай сѳйлесиўге болады?

Биринши гезекте ата-аналар ѳзлериниң ѳсип киятырған перзенти ушын белгили бир топардың бир бѳлеги сыпатында тән алыныўы ҳәм олар менен бир тутаслықты жаратыў қаншелли әҳмийетли екенлигин есте сақлаўы тийис. Бул нәрсе сыртқы кѳринисине қандай да бир затты тағыў, белгили бир кийимди кийип жүриў сыяқлы ҳәр қыйлы элементлер есабынан болыўы мүмкин. Жас ѳспиримге балалардың арасынан айырылып шығыў қорқынышлы түйилиўи мүмкин. Деген менен, әйне усы жаста оларда «мен киммен?» деген сораўға жуўап ретинде ѳз орнын табыўға қаратылған түсиник қәлиплеседи.

«Ҳәмме қатары болыў» туўралы сәўбет баслағанда «мен ойлайман» деген сѳйлемнен пайдаланыў әҳмийетли. Бул жерде ата-ана ѳзиниң атынан сѳйлеп, пикирлерин ҳәм қәўетерлерин билдиреди ҳәм перзентине жеке ѳзиниң пикирин билдириўде үлги болады. Мысалы:

  • «Сен қымбат баҳалы затлар арқалы балалар менен бирдей болыў ушын ҳәдден тыс умтылыўың мени қәўетерлендирип атыр»;
  • «Мен ѳзиңниң жеке инсан ретиндеги қәсийетлериңди умытпай, ѳз стилиңди тапқанды қәлер едим»;
  • «Мен ақшаларды қаяққа ҳәм неге сарыплайтуғынымыз бойынша талқылаўды усыныс етемен»;
  • «Мениңше, егер биз бул сумманы … ге жумсасақ жақсырақ болар еди»

Гәп жүдә әҳмийетли саўда туўралы емес болса, қымбат баҳалы зат сатып алыўы ямаса сиз усынып атырған нәрсени таңлаўы туўралы ѳспиримниң ѳзи бир шешимге келиўине имканият бериң. Егер ѳзиниң ақшасы бар болса (мысалы, ислеп тапқан ямаса ағайинлери берген пуллардан жыйнаған ақшасы), ѳзи таңлаўға ҳақысы бар ҳәм ол жаз мәўсими ушын әпериўиңиз керек болған кроссовкаға жумсаўы мүмкин. Оның тилеклериниң қәдирсизлениўине жол қоймаң ҳәм бул ушын оны тергемең.

Жас ѳспирим бул кишкене бала емес. Оның жеке кѳз-қарасы, қәсийетлери ҳәм пикирлери қәлиплесип, ҳәттеки оған ерисиў ушын ата-анасы менен қарсыласыўға шекем барыўы мүмкин. Ѳспирим менен оның пикирин ҳүрметлеген ҳалда сәўбетлесиң. Сол гезде бир-бириңизди тыңлап, кѳплеген нәрсе үстинде келисимге келиў мүмкиншилигине ийе боласыз. Буған шопингке тийисли келисим де жатады.

Aldıng’ı Keyingi