Не себеп жас ѳспиримлер телефонды жанынан қалдырмайды?

Заманагѳй балалар мектептен кейин қосымша сабақларға, дѳгереклерге ҳәм репетиторларға барыўға асығады, кѳпшилик ўақытта олардың дерлик бос ўақытлары болмайды, ўақтының кѳпшилик бѳлеги ересеклер қадағалаўы астында болады. Интернет ѳзлерин еркинирек сезиў имканиятын береди, виртуал дүнья бул «зәрүрли исти емес, ал ҳәр ким ѳзи қәлеген ҳәм ѳзине унаған нәрселерди ислеўге болатуғын орын». Балаға қаншели қатаң талаплар ҳәм шеклеўлер қойсаңыз, баланың виртуал дүньяға кириў итималлығы соншели артады.

Стресс ҳәм мағлыўматлардың ҳәдден тыс кѳп болыўы да балада дыққатын алаң қылыў тилегин пайда етип, ойын ҳәм кеўил ашар контентлерге кѳбирек берилиўине алып келеди. Бундай жағдайды ересеклерде де кѳрсек болады, мысалы, ѳзимизде шаршаў ҳәм кескинликлер сезсек, күш-қуўатымыз кетсе телефоннан пайдаланып кѳп отырамыз, ал адамның ресурслары болса шекленген. Машқала сонда, телефоннан пайдаланып кѳп отырыў тәбиятта дем алыў яки досларымыз бенен сәўбетлесиў сыяқлы ѳзимизди ҳақыйқый тиклеўге жәрдем бермейди, ал керисинше, нерв системасы еле де талығып, шаршаў ҳәм ашыўшақлық күшейеди.

Жанлы сәўбетлесиў ҳәм дослардың болмағанлығы орнын социаллық тармақлар ҳәм ҳәр қыйлы интернет топарлары менен толтырамыз, себеби бул жерде қарым-қатнас ислеў, жаңа таныслар арттырыў аңсатырақ, ѳзиңди қәлеген персонаж қылып таныстырыўың, батыр ҳәм ѳзиңе исенимли болыўың мүмкин.

Интернеттеги қарым-қатнаста ѳзиңниң сол топарға сай екенлигиңди аңсат сезесең, себеби социализация бул қатар-қурбың менен қарым-қатнас ҳәм ѳз абырайыңды асырыў биринши орынға шығатуғын жас ѳспиримлик дәўирдиң тийкарғы мәселелериниң бири.

Балаларға телефонға ғәрезлилик ҳәм оның ақыбетлери ҳаққында айтып бериң. Оларға бул семизлике ҳәм дыққатты жәмлеўдиң бузылыўына алып келетуғынлығы ҳаққында түсиндириң. Анық ҳәм түсиникли қағыйдалар белгилеп алып, олардың телефондағы ўақтын шеклеў – ең жақсы шешим есапланды. Мысалы, егер берилген тапсырмаларды орынлаған болса, интернет байланысына күнине тек 2-3 саатқа ғана рухсат бериў. Жас ѳспиримди бәрқулла жигерсизлик ҳәм қызығыўшылығы жоқлықта айыплағаннан кѳре, ўақытты шеклеп қойған мақулырақ.

Телефонға ғәрезлиликтиң орнын басыўшы ең жақсы усыл, бул баланы ҳәр қыйлы спорт секцияларына қатнастырыў яки бос ўақтын оның қызығыўшылықлары ҳәм тилеклерин инабатқа алған ҳалда шѳлкемлестириў. Сондай-ақ, гаджетлерден дыққатын алаң қылыўда умытылмас тәсирлер қалдыратуғын әпиўайы конструктор, стол ойынлары яки дѳретиўшилик ислери ушын топламлар болыўы мүмкин.

Aldıng’ı Keyingi