Перзентлеримиз бир-бири менен дос болып қалыўына қалай жәрдем бериўге болады (1-бѳлим)

Ата-аналар балаларының бир-бирине жақсы мүнәсибетте болыўы, олар арасындағы келиспеўшиликлерди шешиўге жәрдем бериўде шешиўши роль ойнайды. Биргеликте бир топарда ислеўге ҳәрекет етиўине қызықтырып, олардың биргеликтеги қуўанышын марапатлаў арқалы ата-аналар оларды келиспеўшиликлерди конструктив ҳәм бир-бирине ҳүрмет жолы менен шешиў усылларын үйретип барады.

Тѳменде, шаңарақтың аўызбиршилигин беккемлеў ҳәм балаларды дурыс тәрбиялаўға жәрдем бериўши бир неше кеңеслер кѳрсетилген.

  • Балаларыңызды бир-бири менен салыстырмаң.

Ең алды менен, оларға «Сен не ушын әжағаңа уқсап айтқан гәпти жақсы тыңлап билмейсең?» яки «Сениң әжапаң сендей болып сѳйлеспейди» сыяқлы гәплерди айтпаўға ҳәрекет етиң. Балаларды бир-бири менен салыстырыў олардың бир-бирине қарсылас болыўына анық тийкар болады.

  • Балаларыңызға бир-бирин қабыллаўды ҳәм ҳүрмет етиўди үйретиң.

Егер балаларыңыздың бири тыныш жерде отырып китап оқығанды, ал екиншиси қатты даўыста музыка тыңлағанды жақсы кѳрсе, қандай жол тутыў керек? Егер балаларда ҳәр қыйлы характер ҳәм ҳәр қыйлы қызығыўшылықлар болса, арада келиспеўшиликлер келип шығыўы мүмкин.

Балаларыңызға бир-бирин қабыллаўды ҳәм ҳүрмет етиўди үйретиў жүдә әҳмийетли. Олардың дыққатын ҳақыйқаттанда әҳмийетли болған бир-бирине сүйиспеншиликке, ҳүрметке ҳәм дослыққа қаратыў керек. Егер балалардың не менен шуғылланыў кереклиги ҳаққында пикири бир жерден шықпайтуғын болса, олардың бир-бирине кесент етпестен ѳзлерине унаған жумыслар менен шуғылланыўын жобаластырыў керек, яки ўақытларын бирге ѳткериўи ушын олардың ҳәммесине бирдей унайтуғын қызығыўшылықларын анықлаў керек.

  • Үй жумысларын биргеликте ислеўине рухсат бериң.

Балалар жасы үлкенлерине уқсағысы келеди. Сонлықтан, үйде сондай тапсырмаларды ойлап табыўыңыз керек, олар оны орынлағанда ѳзлерин жасы үлкен сыпатында сезиўи керек ҳәм ким тезирек орынлайтуғынлығын кѳриўи керек. Мысалы үйлерди тазалаў яки кешки аўқат таярлаўда жәрдем бериўин сораң.

Aldıng’ı Keyingi