Перзентлеримиз бир-бири менен дос болып қалыўына қалай жәрдем бериўге болады (2-бѳлим)

Перзентлеримиз ҳәрдайым да биз күткендей бир-бири менен дос бола бермейди. Олар бир шаңарақта ѳскени менен, олардың минез-қулқы, ѳзлерин тутыўы бирдей болмайды ҳәм олар бир-бири менен ҳәрдайым да дослық қатнаста болмайды. Алдынғы мақалаларда балалар арасындағы қарым-қатнасты дурыс жолға қойыў бойынша ата-аналар ушын айырым кеңеслерди берген едик.

  • Оларға тыңлаўды ҳәм қулақ салыўды үйрениўине жәрдем бериң.

Тыңлап билиў уқыбы бул бир-биреўге ҳүрмет кѳрсетиў усылларының бири, ал ҳүрмет кѳрсетиў болса дослар, шериклер, туўысқанлар ҳәм қарындаслар менен жақсы қарым-қатнас орнатыўда үлкен әҳмийетке ийе. Балаларға бир-биреўди тыңлаў, ѳзгениң пикирин ҳәм ойларын түсиниўге ҳәрекет етиў қандай жақсы екенлигин ѳзиңиздиң мысалыңызда кѳрсетин, оларға да бир-бирине усындай қатнаста болыўын усыныс етиң.

  • Ѳзгелерди ҳүрмет етиў әҳмийетли екенлиги ҳаққында айтып бериң.

Балалардың ѳзлерине басқалардың жақсы, сезимлерине қайырқомлық пенен қатнаста болыўы ушын, олар ѳзлериде басқаларға сондай қатнаста болыўы керек екенлигин есине салып турың.

  • Оларға қалай қылып ѳзгелердиң пикирине, оларға ҳүрмет кѳрсеткен ҳалда қосылмаўды үйретиң

Айырым ўақытлары туўысқан адамлар бир-бириниң пикирлерине қосылмаўы мүмкин — бул факт. Бирақ, бундай келиспеўшилик жағдайлардан қалай шығып билиўимиз жүдә әҳмийетли. Балаларды ҳәрдайым да дүньяға кѳз-қараслары бирдей болмайтуғынлығына ҳәм бул нормал жағдай екенлигине үйретип барың. Ҳәр кимниң ѳз кѳз-қарасы болыўы мүмкин. Егер келиспеўшиликлер болса, бир-биреўге жаман сѳз айтпаў ҳәм мушласпаў керек. Ѳзге адамға тек ғана оның пикири басқаша болғаны ушын жек кѳриўшилик сезимде болмаў керек.

  • Шаңарақтағы байланыслардың әҳмийетли екенлигин үсиндириң.

Балаларыңызға шаңарақ ең баслысы екенлигин түсиндириң ҳәм турақлы түрде еслерине салып турың. Оларға ҳазир ўақтын туўысқаны яки қарындасы менен емес, ал дослары менен ѳткериў кѳбирек унаса да, туўысқанлық байлансылар бәрибир ѳмирдиң әҳмийетли бѳлеги болып қалатуғынлығын есине салып турың. Ҳәттеки, егер олар аға-ини ҳәм қарындаслар арасындағы байланыстың әҳмийетин толық түсинип жетпеседе, бул гәпти тәкирарлап турыў керек.

  • Кеўил кѳтериўге ўақыт табың.

Ўақтын биргеликте кеўилли ѳткеретуғын шаңарақлардың келиспеўшиликлерге бейимлилиги тѳмен болады. Барлық шаңарақ ағзаларына унайтуғын ойын яки шуғылланатуғын исти таңлаўға ҳәрекет етиң. Мысалы, велосипед айдаў яки барлық шаңарақ ағзалары менен биргеликте жақсы, жаңа фильм тамаша етиў.

Егер балаларыңыз бир-биринен узақласып атырғанлығын сезсеңиз, қапа болмаң, әдетте дурыс жантасыў қолланылса, барлығы ѳз орнына түседи. Бирақ, егер олар бир-бири менен ҳақыйқаттанда душпаншылықта болса ҳәм бул шаңарақта машқала пайда етсе, жас ѳспиримлер менен ислесиўши психиологқа жолығың.

Aldıng’ı