Балада диарея болса не ислеў керек?

Глобаллық кѳлемде диарея (иш ѳтиў) бес жасқа шекемги балалар арасындағы ѳлимшиликтиң ең кѳп ушырасатуғын себеплери арасында пневмониядан (ѳкпениң исиниўи) соң екинши орынды ийелейди.

Диарея (иш ѳтиў), әдетте, ишек инфекциясының белгиси есапланады. Инфекция аўқатлық затлар яки суў, гигиена талапларын сақламағанда адамнан адамға жуғыў арқалы тарқалады. Инфекцияланған суў, мысалы дәрет араласқан ақаба, септик ҳәм ҳәжетхана суўлары айрықша қәўипке ийе. Ересеклерге қарағанда диареядан балалар ѳлимшилиги жоқарырақ, себеби балалар организми тез суўсызланып, тез ҳәлсирейди.

Диареяның алдын алыў ҳәм емлеў усыллары:

  • Балаларда диареяның биринши белгилери пайда болыўдан тез-тезден таза суў, сондай-ақ, организмдеги суў балансын тиклеў ушын дуз еритпеси салынған суў, яғный таза суўға дуз ҳәм қант араластырып ишкизиў керек.
  • Егер бир саат ишинде бир неше мәрте баланың иши суў аралас ѳтсе, дәрети қан аралас болса, баланың ѳмири қәўип астыда болады. Бундай жағдайларда дәрҳал шыпакер жәрдеми зәрүр болады.
  • Қосымша А витаминин ҳәм цинк бериў диарея қәўипин кемейтеди.
  • Диарея менен кеселленген бала турақлы аўқатланып турыў керек. Саўалғаннан соң, кеселленгенде жойтқан күш-қуўаттың ҳәм азықлық затлардың орнын толтырыў ушын балаға аўқатты әддеттегиден кѳбирек бериў керек.
  • Гигиена талапларына әмел етиў ҳәм таза суў ишиў диареяның алдын алады. Ҳәжетханага барғаннан соң ҳәм дәрет пенен контакт болғанда, сондай-ақ, аўқат таярламастан алдын ҳәм баланы аўқатландырғаннан соң қолларды сабын менен жақсылап жуўыў керек.

Егер балаңызда иш ѳтиў тез-тезден болса яки узақ ўақыт даўам етсе, педиатр шыпакерге мүрәжат етип, шыпакер кѳрсетпеси тийкарында емлениў зәрүр.

Aldıng’ı Keyingi