Диализ дегенимиз не ҳәм ол кимлерге буйырылады?

Диализ – бул қанды арнаўлы еритпе жәрдеминде зыян келтириўши нәрселерден ҳәм артық суйықлықтан тазалаў усылы болып табылады. Бул илажда ярымөткизгишли мембрананың бир тәрепине глюкозалы еритпени, ал екинши тәрепине қанды жайластырады. Нәтийжеде глюкоза қаннан ондағы сидик кислотасы, майда белоклар ҳәм басқа зыянлы нәрселер менен ериген суўды тартып алады.

Дени саў адамда бул фильтр хызметин бүйреклер атқарады. Бирақ олар зақымланғанда организмде ыдыраў нәтийжесинде пайда болған өнимлер, электролитлер ҳәм басқа да бирикпелер жыйналады. Егер булардың ҳәммеси диализ жәрдеминде сапластырылмаса, адам өлиўи мүмкин.

Диализ кимлерге қолланылады?

Көпшилик жағдайларда бул илажды төмендеги себеплерге байланыслы раўажланыўы мүмкин болған созылмалы бүйрек жетиспеўшилиги кеселлигинде буйырады:

  • қантлы диабет;
  • артериялық гипертензия (жоқары қан басымы);
  • гломерулонефрит, яки бүйреклердиң иммунлы исиниўи;
  • васкулит – қан тамырларының исиниўи;
  • бүйрек поликистозы – бүйреклерде көп муғдардағы суйықлықлы бослықлар пайда болғанда.

Гейде өткир бүйрек жетиспеўшилигинде диализ талап етиледи. Бул ҳалат тез пәт пенен, еки күн ишинде раўажланады. Ол дәри-дармақлардан зәҳәрлениў, күйик себепли шокқа түсиў, қан жоғалтыў яки сепсис (қанның зыянланыўы), сондай-ақ, сидик бөлип шығарыў жолларында таслар ямаса бүйрек тамырларында тромблар тығылыўы менен байланыслы болыўы мүмкин.

Диализди буйырғанда шыпакердиң тийкарғы итибар беретуғын критериясы – бүйрек хызметиниң 10-15%ға төменлеўи болып табылады. Оны анықлаў ушын шыпакерлер фильтрлеў барысы тезлигин баҳалаўшы арнаўлы анализ буйырады. Тексериўлер нәтийжесинде ҳәр қыйлы затлар бүйректиң майда тамырлары арқалы қалай өтип атырғанлығы анықланады.

Aldıng’ı Keyingi