Педикулёз ҳәм оннан қалай қутылыўға болады?

Педикулёз (бийтлеў) адам терисинде жасайтуғын ҳәм адам қаны менен азықланатуғын паразитлер себепли келип шығады. Бийтлердиң тийкарынан үш түри адамға қолайсызлық туўдырады: бас бийти, кийим бийти ҳәм шат бийти.

Бас бийти балалар, әсиресе, 5 жастан 12 жасқа дейинги балалар арасындағы кең тарқалған. Бийт уша алмайды, секире алмайды, бирақ өрип жүреди, жақсы жуўырады ҳәм ҳәтте жүзеди. Бул зыянкес алдын оны жуқтырған адамның басына тийген қәлеген нәрсе: тарақ, бас кийим, қулақшынлар арқалы басқа адамның басына аңсат өтип кете алады.

Бас бийти бас терисинде шашлар арасында жасап, қан менен азықланады ҳәм мәйеклерин (сиркелер) шаш талшықларына қояды, оларды үскенесиз, жай көз бенен арқайын көриў мүмкин. Шаққан ўақытта паразит қатты қышытыўшы нәрсени бөлип шығарады. Педикулёз бенен кеселленген адам бийт шаққан жерди қатты қасығысы келеди. Нәтийжеде, ол өз қолы менен бийт шаққан жерлерге инфекция тасыўы мүмкин.

Үйде бийтлер жасы үлкенлерге балалардан аңсат жуғады. Буннан тысқары, ванналар, жүзиў ҳәўизлери, шаштәрезханаларда, сондай-ақ, балалар мәкемелеринде хызмет көрсеткенде ямаса адам көп жыйналатуғын жәмәәтлерде педикулёзди жуқтырып алыў мүмкин.

Кийим бийти, бас бийтинен айырмашылығы, кийим тигислеринде жасап, мәйеклерин де сол жерлерге қояды. Сонлықтан, олар кийимниң денеге тийип турған жерлеринде: белде, шығанақ ҳәм дизе тусы, кийимниң жаға бөлегинде жасайды ҳәм адамды шағады.

Шат бийти шат педикулёзин (фтириаз) келтирип шығарады. Бул киши тойғын қоңыр реңли паразит, шат арасында жасап, шаққан ўақытта адамға аўыр қолайсызлық туўдырады.

Бул киши паразитлерден қалай қутылыўға болады?

  1. Дерматолог шыпакерге көриниң.
  2. Дәриханадан педикулёзге қарсы дәри сатып алың.
  3. Оны көрсетпелерге муўапық пайдаланың.
  4. Оны басқа жақсылап сүртиң, көпиртиң ҳәм кейин жуўып таслаң.
  5. Арнаўлы тарақ жәрдеминде шаштан өли бийтлерди ҳәм сиркелерди алып таслаң.
  6. Кийим менен сүлгини жуўып, пуў жәрдеминде утюглең.
  7. Басқа шаңарақ ағзаларының шашларын тексерип шығың, бир ай даўамында ҳәр 10 күнде басларын қарап турың.
Aldıng’ı Keyingi