Инклюзив билимлендириўдеги ата-ананың роли

Имканияты шекленген балалар ушын билим алыўда, ѳзлериниң уқып ҳәм кѳнликпелерин раўажландырыўда шаңарақтың жәрдеми жүдә үлкен әҳмийетке ийе. Сол себепли, инклюзив билимлендириўде ата-аналар менен ислесиў әҳмийетли роль ойнайды. Айрықша талапларға мүтәж балалардың ата-аналары олардың балалары жәмийеттиң бир бѳлеги болыўына ҳуқықы бар екенлигин түсиниўи керек.

Ата-аналар шаңарағында саламат орталықты ҳәм балаларының барлығына теңдей шәраятларды жаратып бериўи керек. Олар имканияты шекленген балаларына оқыў процессинде жәрдем кѳрсетиўи зәрүр. Бул ушын турақлы түрде мектеп пенен байланыста болып, баланың сабақларынан үлгериўин қадағалап ҳәм қатар-қурбыларына бейимлесиўин бақлап барыўы керек.

Ата-аналар имканияты шекленген балаларын бәрқулла хошаметлеп, оларда келешекке үмит оятып ҳәм ѳзлерине болған исенимди раўажландырып барыўы зәрүр.

Айырым ўақытлары имканияты шекленген балалары қатар-қурбылары тәрепинен кемситилген жағдайларда, ата-аналардың ѳзлери де депрессия жағдайына түсип қалады. Бирақ, буған жол қоймаў керек. Балаға болған исенимди жойтпаў ҳәм баланы ѳзиниң ѳсип раўажланыўына қызығыўшылын арттырыў жүдә әҳмийетли.

Белгили тарийхый ўақыяда айтылғанындай, Томас Эдисонның муғаллими оның анасына хат жазып, баласының мектепте оқыў мүмкиншилиги жоқ ҳәм бала психикалық жақтан кесел екенлиги екенлигин айтады. Бирақ анасы баласына хаты тѳмендегише қылып оқып береди: "Сизиң балаңыз – жүдә дана. Бизиң мектебимиз жүдә киши, балаңызға жетерли билим бере алатуғындай муғаллимлеримиз жоқ." Кейинрек, Томас Эдисон тарийхтағы ең уллы ойлап табыўшылардың бирине айланады.

Балалардың мектепте ҳәм жәмийетте табысқа ерисиўи, кѳпшилик жағдайларда ата-ананың баланы руҳый қоллап-қуўатлаўына байланыслы болады.

Aldıng’ı Keyingi