Оқыўшыларды китап оқыўға қызықтырыўдың 7 усылы

Не себеп китап оқыў керек? Компьютерде ойын ойнаў, 100 ге жақын каналларды тамаша етиў, социаллық тармақларды қарым-қатнас қылыў – жүдә аңсат ҳәм қызықлы, ал китап оқыў бул күш ҳәм дыққатты талап ететуғын ҳәр күнги мийнет.

Китап оқыў аўыр машақатлы мийнет емес, ал ѳзи унатқан ис болыўы ушын қандай жол тутыў керек?

Дыққатыңызға оқыўшыларды китап оқыўға қызықтырыўдың 7 усылын усынамыз:

  1. Заманагѳй технологиялардан пайдаланың. Компьютер яки планшетте электрон китапларды оқыўды усыныс етиң. Интернет тармағында кѳплеген бийпул электрон китапларды табыўға болады. Оларды онлайн тәризде оқыўға яки жүклеп алыўға болады. Айырым электрон китаплардың қағаз түриндеги китаплардан мүмкиншиликлери жоқары болады. Мысалы, оларда аудио ҳәм видео файллар орнатылған болыўы мүмкин.
  2. Китап оқыў мүйешин шѳлкемлестириң. Мектеп китапханасында оқыўшылар ҳәр қыйлы шаўқымларға алаң болмай китап оқыўға қолайлы шәраят жаратың. Егер имканияты болса, қолайлық жаратыў ушын китап оқыў зоналарына жумсақ дастықлар қойың.
  3. Тез-тезден оқыўшыларыңыз бенен китапханаға бирге барып турың. Оларды кеминде ҳәптеде бир мәрте китапханаға апарып турың. Асығыслық қылмаң, китапларды биргеликте таңлап оқың.
  4. Китаптың мазмунын додалаң. Егер оқыўшыларыңыздың китап оқыўға қызығыўшылығын арттырмақшы болсаңыз, китаплардағы қызықлы сюжетлер ҳәм шығарма қаҳарманлары ҳаққында жийи айтып бериң.
  5. Оқыўшыларға ѳзлерине қызықлы болған темадағы китапларды таңлаўда жәрдем бериң. Айырым балалар ҳайўанатлар дүньясына, ал айырымлары болса айдарҳалар, жалмаўыз кемпир ҳәм гномлар сыяқлы ойлап табылған ертек персонажларына қызығыўы мүмкин. Айырымлары динозоварлар ҳаққындағы тарийхқа, тағы биреўлери қуяш системасы, Әлем ҳәм Галактикалар ҳаққындағы фактлерге қызығады. Китапларды ҳәр бир оқыўшының жеке қызығыўшылығын инабатқа алған ҳалда таңлаң.
  6. Оқыўшыларыңызға ѳзиңиз ѳрнек болың. Оқыўшылар муғаллимине қарап үлги алады. Егер ѳзиңиз турақлы түрде китап оқып, тез-тезден оқыўшыларыңыз бенен ҳәр қыйлы китаплар ҳаққында сѳйлесип турсаңыз, ѳзиңизге китап оқыған унайтуғынлығын кѳрсетсеңиз, оларға жақсы үлги боласыз.
  7. Ҳәр бир сабақта китап оқыўға ўақыт ажыратың! Егер сабақты жобаластырған пайтыңызда, белгили бир ўақытты китап ҳәм сабақлықларды оқыўға ажыратсаңыз, оқыўшыларыңыз ўақыттың ѳтиўи менен турақлы түрде ѳз бетинше китап оқып үйренип баслайды.

Жуўмақлап айтқанда, қызығыўшылықты оятыўда ең баслысы бул нәтийжелерге ҳәм алдыға қойлыған мақсетлерге ерисиў. Бала ѳзиниң мақсетлерине жетисиўин ҳәм бул қолынан келетуғынлығын сезсе, баланың китап оқығанынан тек ѳзи ғана емес, ал муғаллимлери ҳәм ата-аналары да ләззет алады.

Oldingi Keyingi