Балаларды зорлықтан қалай қорғаў керек?

Балаларды зорлықтан қорғаў социаллық тармақларда ең кең тарқалған темалардың бири болып табылады. Бүгинги күнде балаларға болған психикалық, физикалық ҳәм жынысый зорлық кең тарқалған. Олардың ең кең тарқалғанлары физикалық зорлық, денеге зақым келтириў, кемситиў ҳәм эмоционаллық зорлық болып табылады.

Балаларды шаңарақ ишиндеги зорлықтан қалай қорғаў керек?

Дәслеп, шаңарақтағы қолайсыз орталық себепли балалар ҳәр қыйлы зорлықларға дуўшар болмақта. Бул, атап айтқанда, үшинши шахслар тәрепинен ҳәр қыйлы зорлыққа тап болған балаларда психикалық өзгерислерди ата-аналардың ўақтында сезбеўи себепли болады. Көбинесе, балалар зорлыққа ушыраса, қай жерге хабарласыў керек екенлигин билмейди.

Конституциямыздың 64-статьясында “Ата-аналар өз перзентлерин кәмалатқа жетемен дегенше бағыў ҳәм оқытыўға миннетли” деп белгиленген. Балаларды ҳәр қандай зорлық, итибарсызлық, жаўызлық, қорлаў ҳәм эксплуатация етиўден қорғаўға айрықша итибар қаратылмақта. Мәжбүрий балалар мийнетинен пайдаланыў қадаған етилген. Тилекке қарсы, барлық ата-аналар да өзлериниң конституциялық миннетин толық аңлап жетпейди.

Бундай жағдайларда мәмлекетлик шөлкемлер баланың ҳуқық ҳәм еркинликлерин бузған шахсларды жуўапкершиликке тартыў ушын судқа ҳәм тийисли органларға хабар бериўи тийис.

Баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм мәплери бузылыўы ҳаққындағы хабарлар тийисли мәмлекетлик шөлкемлер, лаўазымлы шахслар ҳәм мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер ўәкиллери менен биргеликте үйренип шығылады.

Балаларға болған зорлықтың ҳәр қандай түри ҳаққында Балалар ҳуқықлары бойынша Толық ҳуқықлы ўәкилине ямаса ҳуқық қорғаў органларына хабар бериў мүмкин. Мүрәжатлар аўызша, жазба ямаса электрон түрде тапсырылыўы мүмкин. Балалар ҳуқықлары бойынша ўәкил арзаларды көрип шығыў арқалы баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери қорғалыўына кепиллик береди.

Мәнзил: 100027, Ташкент қаласы, Шайхантахур районы, Ислам Каримов проспекти, 16А (71) 200-10-96 1096 info_ombudsman.uzb@umail.uz

Есте тутың, балаларды зорлық-зомбылықтан қорғаў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз!

Aldıng’ı Keyingi