Балаларды мәжбурий мийнеттен қорғаў

Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлеринде ер жетпегенлер мийнетинен белгили бир түрдеги жумысларды орынлаў ушын мәжбүрий түрде де, өз ерки менен болса да пайдаланыў қадаған етиледи.

Буннан тысқары, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм жыйнаўда балалар ҳәм студентлер мийнетинен пайдаланыўды тәртипке салыўшы қағыйдалар бар.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары Министрлиги ҳәм Денсаўлықты сақлаў Министрлиги тәрепинен 2009-жыл 26-июньде қабыл етилген «18 жасқа толмаған шахслар тәрепинен мийнеттен пайдаланыўды қадаған етиўши нақолай мийнет шәраятлары жағдайлары Дизими»нде 18 жасқа дейинги балалардың пахта териминде қатнасыўы қадаған етилген.

Солай екен, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм жыйнап алыўда оқыўшылар ҳәм студентлер мийнетинен пайдаланыўды тәртипке салыўшы қағыйдалар жыйнағы пахта теримине тийисли емес. Себеби, пахтаны қол менен териў өспиримлер ушын қолайсыз мийнет шәраятлары қатарына киргизилген.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 49-1-статьясына муўапық жас өспиримлер мийнетине жол қойылмаслығы ҳаққындағы талапларды бузған шахслар қарсысына ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленген.

Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекетимизде балалар мәжбүрий мийнетинен пайдаланыў нызам менен қадаған етилген.

Aldıng’ı Keyingi