Балаларды тәрбиялаўда ата-аналардың жуўапкершилиги

Перзент тәрбиясы муқаддес парыз болып, бул парызды өтеў ушын ата-ананың мойнына үлкен жуўапкершилик жүкленген.

Ҳәр бир ата-ананың ер жетпеген перзентлери алдында қандай ҳуқық ҳәм миннетлемелери бар?

Өзбекстан Республикасы Конституциясында шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны екенлиги белгиленген.  Ата-аналар балаларын ержеткенге шекем сақлаўға ҳәм тәрбиялаўға миннетли.

Ата-аналар балаларды тәрбиялаў ҳәм оқытыў бойынша миннетлемелерди орынламағанлығы, сондай-ақ, ер жетпеген балалары тәрепинен ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар исленгенлиги ушын жуўапкер болып есапланады. Перзентлердиң мәжбүрий улыўма орта билим алыўына тосқынлық етсе, ата-аналар ямаса олардың орнын басыўшы шахслар нызам бойынша жазаланады.

Буннан тысқары, нызамшылығымызда ҳәр бир ата-ана ушын өз миннетлемелерин орынламағанлығы, балаға зорлық ислеў, атап айтқанда, физикалық күш ислетиў ямаса психикалық басым өткериў, турақлы алкоголизм ямаса нәшебентлик, балалар өлими ушын ата-аналық ҳуқықынан айырыў шаралары нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз Конституциясы ҳәм нызамлары бала мәплерин қорғаўға қаратылған бир қатар ҳүжжетлерге ийе екенлигин инабатқа алсақ, ҳәр бир шаңарақ ҳәм ата-ана өз перзентиниң келешегин ойлаўы тийис.

Aldıng’ı Keyingi